Басламалы бюджет процесслеринде халық ўәкиллериниӊ қатнасы кеӊейеди

120

Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар мәселелер додаланды.

Атап айтқанда, депутатлар мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2025-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўын дәслепки тәризде көрип шықты. Фракция ағзалары бюджеттиң ярым жыллық орынланыўы даўамында экология бағдарына ажыратылған қаржылар ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў жағдайларына айрықша итибар қаратты. Бул бағдардағы әмелий жумыслар менен бирге орынланыўы тәмийинленбеген ўазыйпаларға тоқтап өтилди. Депутатлар фракцияның келеси мәжилисинде ҳүкимет ағзалары алдына қойылатуғын мәселелерди келисип алды.

Буннан соң мәжилисте 2025-жыл 29-августта қабыл етилген “Басламалы бюджет процесслерин жетилистириў шеңберинде халық ўәкиллери ҳәм сайлаўшылар арасында бирге ислесиўди күшейтиў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарарының әҳмийети, депутатлар алдында турған ўазыйпалар додаланды.

Атап өтилгениндей, бул қарарға бола, 2026-жыл 1-январьдан депутатлар ҳәр жылы басламалы бюджет процесслеринде тийисли сайлаў округлеринде жеңимпаз болмаған жойбарлар арасынан халықтың күнделикли турмысы ҳәм аймақтың раўажланыўына тәсир ететуғын 2 жойбарды (ҳәр мәўсимде биреўден) “Ашық бюджет” мәлимлеме порталында таңлайды. Бул таңлаў жойбарды республикалық бюджеттен қаржыландырыў ушын тийкар болып есапланады.

Бул процесслерде жеңимпаз болмаған жойбарларды қаржыландырыў ушын ҳәр бир депутатқа 1 жылда 2 мәўсимге БЕМниң 8 мың есеси муғдарында қаржы ҳәр жыллық республикалық бюджетте нәзерде тутылады.

Фракция ағзалары бул жаңа система басламалы бюджет процесинде және де нәтийжели өтиўин, орынларда халықты қыйнап киятырған мәселелерди шешиўде үлкен әҳмийетке ийе болатуғынын атап өтти. Бул бағдардағы жумысларды алып барыў механизмлерин жаратыў мәселеси додаланып, бир қатар усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, мәжилисте фракция ағзаларының 26-28-август күнлери сайлаў округлериндеги жумысының жуўмақлары да есап-санақ етилди. Депутатлардың сайлаўшылар ҳәм мүрәжатлар менен ислесиў системасын буннан былай да күшейтиў бойынша бир қатар усыныслар берилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзА