Той-мерекелерде ықшамлық ҳәм жаслар менен ислесиў мәселелери додаланды

Бүгинги күнде жәмийеттиң раўажланыўында руўхый қәдириятлар, үрп-әдетлер ҳәм миллий дәстүрлердиң орны шексиз. Әсиресе, той ҳәм мәресимлерди ықшамластырыў, ысырапгершиликтиң алдын алыў, жас әўладты руўхый жақтан жетик етип тәрбиялаў ҳәм нураныйлардың турмыста белсене қатнасыўын тәмийинлеў әҳмийетли мәселелерден бирине айланбақта.
Елликқала районы ҳәкимлигинде өткерилген мәжилисте район ҳәкими В.Ниязимбетов, “Нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Абдижаббаров, районның белсенди нураныйлары ҳәм тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Мәжилисте той ҳәм мәресимлерди ықшамластырыў, ысырапгершиликтиң алдын алыў, жәмийетте руўхый тәрбияны күшейтиў, жасларға дурыс жол көрсетиў сыяқлы мәселелерге айрықша дыққат қаратылды. Соның ишинде, “Бир нураный – он жасқа жуўапкер” принципи тийкарында жасларға әмелий жәрдем көрсетиў, оларды ағартыўшы, ўатансүйиўши ҳәм саламат пикирлейтуғын шахслар етип тәрбиялаў бойынша сөйлесиў өткерилди.
Сондай-ақ, мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды. Көп жыллар даўамында “Нураный” қоры Елликқала районлық бөлиминиң баслығы лаўазымында жемисли мийнет еткен И.Ходжаниязовтың хызметлери айрықша атап өтилди. Ол адам салтанатлы түрде ҳүрметли кекселик дем алысына шығарылды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Жаңа тайынлаўға бола, “Нураний” қоры Елликқала районы бөлиминиң баслығы лаўазымына Ф.Ибадуллаев тайынланды.

Бундай илажлар арқалы жәмийетте кекселерге ҳүрмет, жасларға итибар сыяқлы ийгиликли қәдириятлар және де беккемленетуғыны сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги