Китап оқыған қамақтағылардың жазаны өтеў мүддети қысқартылып барылыўы мүмкин

Сенаттың жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.
Нызам жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағылар менен алып барылып атырған тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, олардың шаңарақ ҳәм жәмийеттен шетлеп қалыўының алдын алыў, китап оқыўды хошаметлеў арқалы нызамға бойсыныўшы, руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятларды қәлиплестириўге қаратылған.

Нызам менен Жынаят, Жынаят-процессуаллық ҳәм Жынаят-орынлаў кодекслерине қамақтағылардың жазаны өтеў мүддети олардың дүзелиў жолына өткенлиги мүнәсибети менен қысқартылыўын нәзерде тутыўшы қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда, Жынаят кодекси жазаны өтеў мүддетин шахстың дүзелиў жолына өткени мүнәсибети менен қысқартыўды нәзерде тутатуғын 741-статья менен толықтырылмақта.

Онда, қамақтағылар тәрепинен Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен тастыйықланған, қамақтағыларда дурыс руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятларды қәлиплестириўге қаратылған әдебиятлар дизиминдеги китапларды оқыса ҳәм усы китапларды оқығаны факты тастыйықланған жағдайда жазаны өтеў мүддети ҳәр бир оқылған китап ушын үш күнге, бирақ бир жылда көби менен отыз күнге шекем комиссияның жуўмағына тийкарланып суд тәрепинен қысқартылыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.
Бул норма тек ғана жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилиўи нәзерде тутылған (өмирлик еркинен айырыўға ҳүким етилгенлерден тысқары) шахсларға қолланылатуғыны белгиленбекте.

Нызамшылыққа киргизилип атырған бул өзгерислер бүгинги күнде жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған 13,5 мыңнан аслам қамақтағыларға қолланылады.
Соның менен бирге, нызам менен “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында”ғы нызамға да профилактикалық есапқа алыў тийкарларының оптималластырылыўын ҳәм профилактикалық есапқа алынатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық түрлери олардың социаллық қәўиплилик дәрежеси, өзгешелиги, келешекте жынайый қылмыс ислеў мүмкин екенлиги сыяқлы нормалардан келип шыққан ҳалда белгиленетуғын өзгерислер киргизилмекте.
Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 128-10 ҳәм 131-статьяларында нәзерде тутылған, яғный жол ҳуқықбузарлығы ҳәм транспорт қуралларын мәс ҳалында басқарғаны ушын исленген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын суд тәрепинен белгили бир мүддетке транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахсларды профилактикалық есапқа алыў айрықша категория сыпатында белгиленбекте.
2024-жылы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылған 11 мыңға шамалас шахс тәрепинен 23 мың 582 жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў жағдайлары анықланған. Ақыбетинде 1 мың 19 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берип, онда 295 пуқара қайтыс болған ҳәм 873 пуқара жарақатланған.
Сол себепли, жол-патруль хызмети хызметкерлерине профилактика инспекторлары тәрепинен жәрдемлесиў әмелияты жолға қойылады ҳәм бул арқалы транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахслар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар жүз бериўиниң ерте алдын алыў ҳәм өз ўақтында анықлаў имканиятлары кеңейтиледи.
Сенаторлар мақуллаған нызам қамақтағыларды әдеп-икрамлылық жағынан дүзетиў, оларда жәмийетлик қағыйдалар менен дәстүрлерге ҳүрметти қәлиплестириў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға жол ашады.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет),
ӨзА