“Корея Республикасы елшиси кубоги”ның ашылыў мәресими болып өтти

Ташкенттеги “Универсал” спорт сарайында таэквондо WT бойынша ХХII “Корея Республикасы елшиси кубоги”ниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Онда спорт министри Адҳам Икромов, мәмлекетимиз таэквондо WT ассоциациясының баслығы Шерзод Тошматов ҳәм Қубла Кореяның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён қатнасты.
Байрамға тән безелген бул комплекске шақырыў ҳаўазлары астында жарыс қатнасыўшылары кирип келди. Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады.
Мәресимде А.Икромов ҳәм Вон До Ён шығып сөйлеп, мәмлекетимизде Олимпиада ойынларының бағдарламасынан орын алған таеквондо WT халық арасында жедел ғалаба ен жайып атырғаны, жасларымыз бул спорт түри бойынша Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында, Олимпиада ҳәм Азия ойынларында үлкен шеклерди ийелеп атырғанына тоқтап өтти. Сондай-ақ, таэквондоны буннан былай да раўажландырыў бағдарында еки мәмлекет арасындағы дослық байланыслар жаңа басқышқа шығып атырғаны атап өтилди.
Халықаралық жарыстың салтанатлы ашылыў мәресиминде таэквондошылардың көргизбели шығыўлары қойып берилди.
Еслетип өтемиз, жарыста мәмлекетимиздиң түрли аймақларынан келген 400 ден аслам таэквондошылар жеңимпазлық ушын күш сынаспақта.
Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзАның хабаршысы