Бийбаҳа илимий мийрасы менен адамзат тарийхында терең из қалдырған илимпаз

130

4-сентябрь – Әбиў Райхан Беруний туўылған күн.

Бүгин өзиниң бийбаҳа илимий мийрасы менен адамзат тарийхында терең из қалдырған уллы илимпаз ҳәм ойшыл Әбиў Райхан Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Берунийдиң туўылған күни.

Хорезм жеринде 973-жылы дүньяға келген Беруний өз дәўириниң жетик географы, астрономы, математик илимпазы, тарийхшысы ҳәм тәбияттаныўшысы сыпатында дүнья илиминде шексиз абырайға ийе болған. Беруний өмири даўамында 150 ден артық илимий шығарма дөретти. Ойшыл өз заманында биринши болып Жердиң радиусын анықлаўға ерискен. Қуяш ҳәм Айдың тутылыўлары, Жердиң айланыўы сыяқлы қурамалы процесслерди математикалық есаплаўлар арқалы түсиндирген.

Ол Хорезмниң әййемги пайтахты Қыятт қаласында туўылды ҳәм жаслығынан-ақ илимге қызығыўшылығы артып барды. Кейин ала белгили алым Әбиў Наср Мансур ибн Ирактың қолында билим алды.

Ибн Ирак астрономия, геометрия, математикага тийисли бир қанша шығармалар жазып, солардан 12 син Берунийге бағышлаған. Беруний ана тилинен басқа және бир қанша тиллерди: араб, согд, парсы, суриян, грек ҳәм әййемги еврей тиллерин, кейин ала Ҳиндстанда санскрит тилин үйренген.

Беруний шах Мамун II ниң ең жақын мәсләҳәтшиси сыпатында мәмлекеттиң сиясий ислеринде де белсене қатнасқан.

Хорезмниң Махмуд Ғазнаўий тәрепинен басып алыныўы Берунийдиң өмирин қәўип астына қойды. Ол Хорезмшаҳ сарайындағы барлық илимпазлар менен бирге Ғазна қаласына тутқын етип алып кетилген.

Берунийдиң 1017-1048-жыллары Ғазнада өткерген өмири, бир жағынан, оғада аўыр өткен болса, екинши жағынан, оның илимий дөретиўшилиги ушын ең әҳмийетли дәўир болды.

Берунийдиң “Хорезмниң атақлы адамлары” шығармасы да усы дәўирде жаратылған. Оның әҳмийетли астрономиялық-географиялық мийнети “Таҳдид ниҳоят ал-амония ли тас‘ҳиди масофат ал-масокин” (“Турақ жайлар арасындағы аралықты тексериў ушын орынлардың ақырғы шегараларын анықлаў” – “Геодезия”) 1025-жылы жазып питкерилген. Ойшылдың “Астрологиялық өнеринен дәслепки түсиниклер” шығармасы да 1029-жылы Ғазнада жазылған.

Берунийдиң шығармаларына XIX әсирден баслап Европа ҳәм Азия мәмлекетлеринде қызығыўшылық және де артты.

А. Рустамов, ӨзА