Туқымгершилик тараўында Германия менен бирге ислесиў байланыслары кеңеймекте

Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайының басшылары Германияның “ADT Project Consulting GmbH” компаниясының ўәкиллери менен ушырасты. Ушырасыўда туқымгершилик тараўындағы тийкарғы ўазыйпалар, илимий көзқараслар тийкарында жоқары өнимдарлы сортларды үгит-нәсиятлаў ҳәм регионаллық шараятларға сәйкес алдынғы технологияларды енгизиў мәселелери додаланды.
Онда Орай директоры Шуҳрат Отажонов елимизде халықтың өсип барыўы нәтийжесинде азық-аўқат өнимлерине болған талап артып атырғанын атап өтип, сапалы ҳәм сертификатластырылған сырт ел туқымлық материалларын бизге интродукциялаў ҳәм жергиликли сортлар менен шағылыстырған ҳалда жаңа сортлар жаратыўдың әҳмийети ҳаққында айтты.


Сондай-ақ, аўыл хожалығы егинлери туқымларын тазалаў, сайлап алыў, дәрилеў ҳәм қадақлаў процесслерин заманагөй инновациялық үскенелер менен жаңалаў, сырт елли бирге ислесиўшилерди тартыў, қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм Германияда қолланылып атырған жаңа технологияларды елимизде енгизиў бойынша пикир алсылды.
Гулноза Бобоева, ӨзА