Өзбекстан жаслары Лачындағы абырайлы илажға қатнасты

127

Әзербайжан Республикасы Лачын қаласында “ҒМДА мәмлекетлери халықаралық кино күнлери” ҳәм “ҒМДА мәмлекетлери жаслары лагери” шөлкемлестирилди. Оған Өзбекстан, Россия, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстаннан делегациялар қатнасты.

Бизге белгили, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Гуманитарлық бирге ислесиў кеңесиниң қарарына муўапық, Әзербайжан Республикасы Шығыс Зангезур экономикалық зонасының Лачын қаласы “ҒМДАның мәденият пайтахты” деп жәрияланды.


Усы мүнәсибет пенен илаж шеңберинде “Лачын қаласы күни” белгиленди. Жаслардан ибарат жумысшы топарлар креатив индустриялар бойынша додалаўлар алып барып, биргеликтеги жойбарлар бойынша усыныслар ислеп шықты. Жуўмағында жасларға байланыслы декларация қабыл етилди.

“Халықаралық кино күнлери” шеңберинде ҒМДА мәмлекетлериниң көркем фильмлери көрсетилип, режиссёрлар ҳәм мәденият ғайраткерлериниң қатнасыўында шығып сөйлеўлер ҳәм пикир-усыныслар билдирилди. Ҳәр мәмлекеттен бир фильм субтитрлер менен усынылды.

Гулноза Бобоева, ӨзА