“Карьера дем алыў орайы – 2025” илажына қанша жаслар қатнасты?

Мәмлекетимизде жаслардың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, олардың билим ҳәм өнер үйрениўге болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Бул ҳәрекетлерде избе-изликке ерисиў Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында да атап өтилген. Онда келешек әўлад ўәкиллерин ўатансүйиўшилик, кеңпейиллик, нызамларға, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында, зыянлы тәсирлер ҳәм ағымларға қарсы тура алатуғын, өмирге болған беккем исеним ҳәм көзқарасларға ийе шахс сыпатында тәрбиялаў нәзерде тутылған.

Усы мақсетте Жаслар ислери агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген “Карьера дем алыў орайы” бәркамал әўлад ўәкиллерин мийнет базарына таярлаў, оларды заманагөй билим ҳәм көнликпелерге үйретиў, жетекши компаниялар менен сөйлесиў майданын жаратыўға хызмет еткени менен әҳмийетли болды.
Дем алыў орайында мәмлекетимиз аймақларынан сайлап алынған 200 ең қәбилетли жаслар 7 күн даўамында түрли бағдарлардағы әмелий оқыўларда билим ҳәм көнликпелерин арттырды.

Илаж даўамында Өзбекстанда жумыс алып барып атырған 14 ири шөлкем ҳәм компания ўәкиллери жаслар менен ашық сөйлесиўлер өткерип, мийнет базарындағы реал талаплар ҳәм бар имканиятлар ҳаққында өз тәжирийбелери менен ортақласты.
“Карьера дем алыў орайы – 2025” жуўмақланған болса да, оның шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, қызығыўшылықларынан келип шығып тараўларға бағдарлаў илажлары даўам етпекте. Бул, елди раўажландырыўдың, жәмийетти абаданластырыўдың тийкары болған тараўларға жас ҳәм умтылыўшаң қәнигелер кирип киятырғанынан дәрек береди.
Т.Рўзиев,
ӨзА