Сенат Баслығы: Жаңа Өзбекстан идеясы – халқымызды бирлестириўши, үлкен шеклерге ийтермелейтуғын миллий идеяға айланды

156

Олий Мажлис Сенатының оныншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте. Мәжилисте шығып сөйлеген Сенат Баслығы Танзила Норбоева сегиз жыл алдын Президентимиз алға қойған Жаңа Өзбекстан идеясы халқымызды бирлестириўши, уллы мақсет ҳәм үлкен шеклерге ийтермелейтуғын миллий идеяға айланғанын атап өтти.

Бул идеяны әмелге асырыў жолындағы тынымсыз ҳәрекетлерди, өзгерис ҳәм жаңаланыўларды ҳәр биримиз өз аймағымыз, мәҳәллемиз, улыўма, турмысымыз мысалында көрип турмыз.

Кең көлемли дөретиўшилик жумыслары: жаңа қалалар, жол-транспорт инфраструктурасы объектлери, ири спорт объектлери, илим, мәденият ҳәм ағартыўшылық орайлары халқымыздың бүгини ҳәм келешегин абаданластырыўға қаратылған.

– Адамларымыз жуўапкершилик сезими менен суўғарылған жаңаша пикир, жаңаша көзқарас, жаңаша арзыў-нийетлер менен жасамақта,-деди Танзила Норбоева. – Оларды әмелге асырыў, улыўма халқымызды разы етиў Президентимиз басшылығындағы реформалардың баслы мақсети. Мине, усы мақсет жолында абаданлық көлеми, раўажланыў пәтлери мисли көрилмеген дәрежеде кеңейип, жеделлесип бармақта.

Кейинги сегиз жылда жалпы ишки өним 2 есеге артып, өткен жылы 115 миллиард долларға, экспорт көлеми 26 миллиард долларға жеткен. Жыл ақырына шекем жалпы ишки өним 130 миллиард долларға жетеди. Алтын-валюта резервлери тарийхта биринши мәрте 48 миллиард доллардан асты, өткен сегиз жылда елимизге дерлик 130 миллиард доллар сырт ел инвестициясы кирип келген.

Бул көрсеткишлер көп жағынан елимизде исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған ақылға уғрас сиясаттың нәтийжеси екенин тән алыў керек.

– Мәмлекетимиз басшысы ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде Жаңа Өзбекстанда исбилерменлик экономиканы ҳәрекетке келтириўши, алға баслаўшы үлкен күшке айланғанын айрықша атап өтти. Жақында Президентимиздиң исбилерменлер менен болған ашықтан-ашық сөйлесиўинде буған ҳәммемиз және бир мәрте исендик. Исбилерменлер көбейип, жүзлеген кәрханалардың жумысы барған сайын кеңейип, раўажланбақта. Жумыс орынларының саны да артпақта. Усы жылдың өткен дәўиринде 5 миллион халықтың бәнтлиги тәмийинленди. Тек ғана бизнести “саядан” шығарыў бойынша алып барылған системалы илажлар нәтийжесинде жумыс орынларының саны 800 мыңнан асламға көбейген. Усы жылы жәми 35 миллиард доллар инвестиция есабынан 9 мыңға шамалас жаңа кәрхана, хызмет көрсетиў комплекслери қурылады. Бул дегени, аймақларымыз және де абат болады, халық ушын қолайлы, заманагөй шараятлар жаратылады, мыңлаған қосымша жумыс орынлары ашылады, шаңарақлардың абаданлығы және де жоқарылайды, – деди Сенат Баслығы.

Норгул Абдураимова, ӨзА