NАSА қашан Марсқа экспедиция жибереди?

АҚШ 2030-жыллардың басында Марсқа адам жибериўди режелестирмекте. Атап өтилиўинше, бундай миссия сегиз айдан көбирек даўам етеди. Бул мағлыўматты мәмлекеттиң транспорт хаткери, Агентлик администрациясының басшысы ўазыйпасын атқарыўшы Шон Даффи мәлим еткен.
– 30-жыллардың басында Марсқа жетип барыў нийетиндемиз, – деген ол «Fox News» телеканалына берген интервьюсинде. – Бул оғада әҳмийетли жойбар. Марсқа шөлкемлестирилетуғын пәрўаз сегиз айдан көбирек ўақыт алады. Планетада белгили бир жумысларды орынлап, соңынан қайтыўымыз керек.
Айға ушыў тәжирийбеси миссия даўамында астронавтлардың өмирин тәмийинлеў ушын шешиўши әҳмийетке ийе болады. Космоста 8-12 күн қалыў режелестирилген. Өтмиштеги ең узақ мүддет үш күн болған. Қурама Штатлар өзиниң “таяныш мәнзили”н қуриў мақсетинде Айға пайдалы жүк жибериўди жолға қояды.
NАSА алдынырақ 2027-жылдың орталарында “Artemis III” миссиясы шеңберинде ярым әсирден көбирек ўақыт ишинде биринши мәрте Айға қоныўды әмелге асырыў нийетин билдирген еди.
С.Раҳимов, ӨзА