Автомобиль жоллары комитети мүрәжатлар менен қалай ислемекте?

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Исбилерменлик, бәсекини раўажландырыў ҳәм санаат мәселелери комитетиниң мәжилисинде қалаларда физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларында көтерилген мәселелер қай дәрежеде шешилип атырғаны бойынша Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитетиниң мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, мүрәжатларда көтерилип атырған мәселелерди ҳәр тәреплеме таллаў, оларды жуўапкер мәмлекетлик уйымларға жоллаған ҳалда унамлы шешилиўин қадағалап барыў Нызамшылық палатасы депутатларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады. Әсиресе, автомобиль жоллары тараўы сыяқлы әҳмийетли бағдарларда келип түсип атырған мүрәжатлардың өз ўақтында ҳәм сапалы шешилиўи тиккелей халықтың абаданлығына хызмет етеди.

Мәлимлемеде келтирилгениндей, Автомобиль жоллары комитетине 2025-жылдың январь-август айларында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 892 мүрәжат келип түскен. Олардың 508 и унамлы шешилген болса, 359 ына түсиник берилген, 25 и көрип шығылмақта.

Комитет басшылары тәрепинен шөлкемлестирилген жеке ҳәм көшпели қабыллаўларда 33 мүрәжат көрип шығылған болса, олардың 23 и унамлы шешилген.
Сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары “Исеним телефоны,” 24/7 режиминде жумыс алып баратуғын “Саll markazi”, “Ашық жол” электрон платформасы арқалы да қабыл етилип, оларды жеделлик пенен дизимге алыў, көрип шығыў ҳәм өз ўақтында шешиў ушын тийисли ўәкилликли хызметкерлер, жуўапкерлерге жибериў әмелияты жолға қойылған.
М.Комилова, ӨзА