Сынаў ҳәм сертификатлаў бағдарында Корея менен бирге ислесиў беккемленди

137

Мәмлекетимизде өнимлер ҳәм хызметлердиң сапасын жақсылаў, усы мақсетте грантлар, техникалық жәрдемди жедел тартыў ҳәм бул бағдарда халықаралық тәжирийбелерди салыстырыў тараўдың раўажланыўында әҳмийетли есапланады.

Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигинде Корея Республикасы сынаў ҳәм сертификатластырыў институты (KTC) ҳәм Өзбекстан Илимлер академиясы жанындағы Материалтаныў институтының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда өнимлер ҳәм хызметлердиң сапасын жақсылаў, усы мақсетте грантлар, техникалық жәрдемди жедел тартыў, KTC пенен тығыз бирге ислесиў орнатыў мәселеси көрип шығылды, делинеди Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң мағлыўматында.

Кореяның KATS, KCL, KOICA, KATRI, KIAT сыяқлы уйымлары менен агентлик алып барып атырған бирге ислесиў жумыслары атап өтилди. Ўәкиллер қуяш панельлерин сынаў бойынша бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағына бола, Корея ҳүкиметиниң грантлар ҳәм техникалық жәрдемди жедел тартыў бойынша жойбар таярлаўы, сынаў ҳәм сертификатластырыў тараўында қәнигелерге семинар-тренинглер шөлкемлестириўге келисип алынды.

А.РУСТАМОВ, ӨзА