Шаңарақ ҳәм гендер теңлик мәселелери ҳаққында сөз етилди

161

Шаңарақ – өмирдиң мәңгилиги ҳәм әўладлардың даўамлылығын тәмийинлейтуғын қәдириятлар бесиги, келешек әўладлар ушын бийтәкирар тәрбия орайы болып есапланады.

Елимизде шаңараққа болған итибар әзелий қәдириятлар, миллий үрп-әдетлер менен тығыз байланысқан ҳалда көзге тасланады. Шаңарақ, жәмийет ҳәм мәмлекет түсиниклери бәрқулла үнлесликте, биргеликте тилге алынады.

Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықын қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, шаңарақтың беккемлиги ушын   ҳаял-қызлар ҳәм ер адамларға тең ҳуқық және имканиятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Усы мақсетте «Саламат шаңарақ – саламат жәмийет ушын бирлесейик» атамасында оқыў семинары шөлкемлестирилди. Илажда гендер теңлиги, шаңарақ турақлылығы ҳәм саламат жәмийет қурыў арасындағы өз-ара байланыслылық кең түрде додаланды.

Семинарға Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң басқарма баслығы Уғилой Уразова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Марям Ахмедова, сондай-ақ, мәкеме, шөлкем, кәрхана ҳәм министрликлердиң хызметкерлери қатнасты. Ушырасыў даўамында ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықын тәмийинлеў, олардың жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўын кеңейтиў, шаңарақлық жуўапкершиликти әдил бөлистириў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, шаңарақлық қәдириятларды қәстерлеп сақлаў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм жас әўладтың тәрбиясында гендер теңлигиниң орны ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди. Қәнигелер тәрепинен қатнасыўшыларға ҳуқықый, руўхый ҳәм медициналық жақтан пайдалы усыныслар берилди.

Оқыў семинардың жуўмағында гендер теңликти тәмийинлеў тек ғана саламат шаңарақ емес, ал пүткил жәмийеттиң раўажланыўының әҳмийетли кепили екени түсиндирилди. Ҳәр бир пуқараның тең ҳуқық ҳәм имканиятлардан пайдаланыўы, өз потенциалын толық жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў – бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги