Нәтийжели байланыслар жолға қойылмақта

Заманагөй билимлендириў системасында жоқары оқыў орынлары арасындағы халықаралық бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў, илимий ҳәм академиялық тараўларда тәжирийбе алмасыў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Х.Досмухаммедов атындағы Атыраў университети ректоры, басқарма баслығы С.Идрисов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети деканы, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Турдыбаевты қабыллады,- деп мағлыўмат береди ҚМУ Баспасөз хызмети.
Ушырасыў даўамында тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў, билимлендириў ҳәм илим тараўларында нәтийжели байланысларды жолға қойыў бойынша пикир алысты. Атап айтқанда, журналистика бағдары бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў, илимий-изертлеў жумысларын биргеликте алып барыў, академиялық мобильлик шеңберинде студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар арасында өз-ара алмасыўды әмелге асырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додалаў орайында болды.

Улыўма мақсетлерге ерисиўде тығыз бирге ислесиў әҳмийетли екени атап өтилип, келешекте биргеликтеги конференциялар, илимий семинарлар ҳәм дөретиўшилик жойбарларды шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Ушырасыў жуўмағында еки университет арасында халықаралық бирге ислесиў бойынша келисимге қол қойылды. Бул сапар етиў ҳәм қол қойылған келисим тәреплер ушын өз-ара тәжирийбе, билим ҳәм илимий потенциал алмасыў жолында беккем тийкар болып хызмет етиўи күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги