Францияда Башар Асадты қамаққа алыў бойынша көрсетпе берилди

167

Франция Сирияның бурынғы Президенти Башар Асад ҳәм және алты жоқары мәртебели бурынғы ҳәмелдарды қамаққа алыўға ордер берди, деп жазады “Al-Jazeera”.  Қарарға 2012-жылы Хомс қаласы бомбаланғаны ҳәм еки журналист қайтыс болғаны себеп етип көрсетилген.

Басылымның жазыўынша, сол ўақыя қурбанлары – Британияның “The Sunday Times” газетасында ислеген 56 жасар америкалы Мари Колвин ҳәм 28 жасар француз фотографы Реми Ошлик.

Мәмлекет рәсмийлери бул ҳәдийсени адамзатқа қарсы итималлы әскерий жынаят сыпатында тергемекте. Буйрық Асадтан тысқары оның иниси, Сирия 4-бронланған дивизиясының бурынғы басшысы Моҳир Асад, разведка баслығы Али Мамлук ҳәм армия штабының бурынғы басшысы Али Аюбқа да тийисли.

Сирияның алдынғы рәсмийлери Хомстағы турақ жай имаратларының бомбалаўға байланыслылығын бийкар еткен. Жергиликли ғалаба хабар қураллары ҳәм сөз еркинлиги орайының мәлим етиўинше, Франция суд тергеўи ҳүжим ўақтында сырт елли журналистлер қастан нышанаға алынғанын анықлаған.

– Тергеў Боб-Амрдеги рәсмий емес баспасөз орайына етилген ҳүжим Сирия режиминиң өзиниң жынайый ҳәрекетлериниң сәўлелениўин шеклеў, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин қала ямаса мәмлекетти таслап кетиўге мәжбүрлеў мақсетинде сырт елли журналистлерди нышанға алыў нийетиниң бир бөлеги екенин анықлады, – деди Сирия ҒХҚ ҳәм сөз еркинлиги орайының бас директоры, ҳуқықтаныўшы Мазен Дарвиш.

Парижде жайласқан Инсан ҳуқықлары халықаралық федерациясы (FIDH) да журналистлер “режим тәрепинен исленген жынаятларды ҳүжжетлестириў” ушын қоршалған қалаға жасырын киргенин ҳәм “мақсетли бомбалаў” қурбанына айланғанын атап өтти.

Башар Асад 2024-жыл декабрь айында ҳәкимияттан аўдарылған, кейин ала шаңарағы менен Россиядан баспана тапқан.

М.Пирматова, ӨзА