Жаңадәрьяда жаңа спорт зал пайдаланыўға тапсырылды

157

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги «2025-2027-жылларда  Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында, Тахтакөпир районы Жаңадәрья аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 19-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жанында жойбар баҳасы 1 млрд. 728 млн.сумлық заманагөй спорт залы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Имараттың ашылыў мәресиминде район ҳәкими Жамбул Адилов қатнасып, аўыл халқын ҳәм мектеп жәмәәтин Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы, жаңа спорт залдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады. Илажда соңғы жыллары мәмлекетимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер атап өтилип, жаңа спорт зал аўыл жасларының спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын орай болатуғынлығы ҳәм олардың арасынан келешекте Азия, жәҳән ҳәм Олимпиада чемпионлары жетилисип шығыўына тилеклеслик билдирди.

Салтанатлы мәресимде қурылыс жумысларын сапалы орынлаған  «Перспектива Монтаж Нукус» ЖШЖ қурылысшылары район ҳәкимлигиниң Миннетдаршылық хаты менен сыйлықланды.

Әлбетте, аймақта спорт залдың иске түсирилиўи нәтийжесинде мектеп оқыўшылары денетәрбиясы менен шуғылланыўына кең имканиятлар жаратылып, спорт дөгереклериниң жумысы және де жеделлеседи ҳәм бул жаслар арасында саламат турмыс тәризин беккемлеўге хызмет етеди, деп исенемиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы