Турақ жайлардағы келиспеўшиликлер – шешимлер ҳәм суд әмелиятындағы қатнаслар

170

Қарақалпақстан Республикасы судында көп квартиралы турақ жайларда жайласқан турақ жай ҳәм турақ жай емес жайдың мүлк ийелери, турақ жайды басқарыў уйымлары арасындағы қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлер бойынша семинар шөлкемлестирилди.

Илажда Пуқаралық ислери бойынша судьялар, прокуратураның жуўапкер хызметкерлери, қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги, сондай-ақ, басқарыў сервис компанияларының басшылары қатнасты.

Семинар даўамында көп квартиралы турақ жайларда жүзеге келетуғын ҳуқықый келиспеўшиликлер, оларды өз ўақтында шешиўдиң әҳмийети, соның менен бирге, судлар тәрепинен нызамлардың бирдей ҳәм әдил қолланылыўы мәселелери додаланды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары, Пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы А.Керимбаев шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының басламасы менен таярланған «Көп квартиралы турақ жайларда жайласқан турақ жай ҳәм турақ жай емес мүлк ийелери ҳәм турақ жайды басқарыў уйымлары арасындағы қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлер бойынша»  әмелий қолланбаның әҳмийетин айрықша атап өтти. Атап өтилгениндей, бул қолланба тараўдағы суд әмелиятын жақсылаў ҳәм түрли талқылаўларды сапластырыўға хызмет етеди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Зулфия Бабаджанова қатнасыўшыларға қолланбаның әҳмийети бойынша кең түсиниклер берди. Соның ишинде, мүлк ийелери ҳәм басқарыў уйымлары арасындағы шәртнамалар, оларды дүзиў тәртиплери, тәреплердиң өз-ара ҳуқық ҳәм миннетлемелери, судларға кимлер ҳәм қандай тийкарда мүрәжат етиўи мүмкин екенлиги, арзалардың үлгилери ҳәм зәрүр ҳүжжетлер ҳаққында анық мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, суд қәрежетлери, мәмлекетлик бажыдан берилетуғын жеңилликлер, шағымларды қабыллаў, қайтарыў ямаса бийкарлаў тийкарлары ҳаққында да пикирлер билдирилди.



Семинар жуўмағында тараўда жол қойылып атырған кемшиликлер, пуқаралар тәрепинен билдирилип атырған орынлы наразылықлар ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған илажлар бойынша қатнасыўшылар арасында пикирлесиўлер болып өтти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы