Аўыл хожалығы тараўында жаңа имканиятлар енгизиледи

164

Мәмлекетимиз басшысының быйылғы “Аўыл хожалығы тараўына заманагөй технологияларды енгизиўди буннан былай да жеделлестириў арқалы нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына бола, аўыл хожалығы тараўында жаңа имканиятлар енгизилди.

Атап айтқанда, енди аўыл хожалығында пайдаланылатуғын 4 миллион гектардан аслам жер майданларында егинлерди егиў ҳәм суўғарыў процесслери санластырылады.

Тараўда енгизилген 30 дан аслам мәлимлеме системаларын “бир орын”ға бирлестириў арқалы пайдаланыўшылар ушын қолайлықлар жаратыў ҳәм мағлыўматлардың өз-ара муўапықлығы ҳәм исенимлилигин тәмийинлеў әмелге асырылады.

Сондай-ақ, 2026-жылдыӊ өниминен баслап аўыл хожалығы шөлкемлери өзлерине тийисли жер участкаларына егиў режелестирилген аўыл хожалығы егинлери ҳаққындағы мағлыўматларды “Санлы аўыл хожалығы” бирден-бир интеграцияласқан платформасына (Агропортал) еркин жайластырылады.

Гулноза Бобоева, ӨзА