Ақ арақтың ылайсаңы…

Бүгинги күни елимизде заман талабына сай билим алыўы ҳәм кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Өзлерине жаратылған усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып киятырған көпшилик жасларымыз жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында билим алып, халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли хызмет етип келмекте.
Бирақ, «бес бармақтың бирдей болмағанындай» республикамыздағы айырым жасларымыз жеңил жол менен ақша табыўды ойлап, өзлери сезбеген ҳалда жынаят жолына кирип кетпекте.
Биз сөз етпекши болған, суд материалын оқып отырып, ерксиз әттеген-ай деймиз…
Енди ўақыя бойынша тоқталатуғын болсақ, «тепсе темир үзетуғын» тахтакөпирли ғырыстай еки жигит, яғный, Толыбай менен Саламат биреўиниң Қазақстанға жумыс ислеўге кетип баратырғанын сылтаўлап, «жол ашар» сыпатында екеўи арақ ишеди. Соңынан олардың және ишкиси келип, Дәўқара елатында жасаўшы танысы Мансурдың үйине барып бул ҳәзлигин даўам етеди ҳәм өз-ара гүрриңлесиў даўамында Толыбайдың сатылатуғын мотоцикли бар екенлигин еситип, Мансур район орайында жасаўшы Толыбайдың үйине барады.
Усы ўақыт аралығында «арақтың күши» өзин көрсетип, «үш дос» өз-ара жынайый тил бириктирип, Толыбайдың қоңсысы Абатгүл апаның еки бас гиссар породалы қойларын урлайды ҳәм оны автомашинаға тийеп, Қараөзек районында жасаўшы пуқара Аңсатқа шопанлардың қойы еди, арзан алып қал деп 4 млн сумға сатады.
Бирақ, «айды етек пенен жаўып болмайды» дегениндей, олардың ислеген бул ис-ҳәрекетлери ертеңине мәлим болып, қойды базарда сатып турған Аңсат ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен усланады. Жақында бул «үш азамат»тың ислеген жынаятлы иси жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық судында көрип шығылып, оларға нызам тийкарында тийисли жаза тайынланды.
«Урлықтың түби …» деген усы болса, керек.
(Мақалада адам атлары өзгертилип алынды)
О.Мауленов,
Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық судының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги