Химия санааты: өзбек қәнигелери Египет тәжирийбесин үйренбекте

144

Соңғы жыллары химия санаатында турақлы раўажланыў ҳәм жаңа идеяларды әмелиятқа енгизиў пүткил дүнья экономикасы ушын оғада әҳмийетли бағдарға айланды, себеби бул тараўдағы жаңалықлар түүрли тармақларда нәтийжелиликти арттырады ҳәм экономикалық өсиўге хызмет етеди.

Соның менен бирге, бундай мақсетлерге ерисиўде мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиў ҳәм биргеликтеги жойбарлар шешиўши әҳмийетке ийе.

Өзбекстан да бул процессте белсене қатнасып, химия санаатындағы халықаралық шерикликлерди кеңейтпекте. Жаңа жойбарлар себепли мәмлекет алдынғы технологиялар ҳәм заманагөй тәжирийбелерди енгизиўде избе-из қәдемлер тасламақта.

“Өзхимиясанаатжойбар” АЖ қәнигелери ушын Египетке шөлкемлестирилген хызмет сапары да әне, усы ийгиликли мақсетлерге қаратылғаны менен әҳмийетли.

Өзбекстан қәнигелери “Polyserve Group” компаниясы менен аммофос ислеп шығарыў заводының жойбары шеңберинде бирге ислесиў жумысларын алып бармақта.

Сапар етиў шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, техникалық муўапықластырыў процесслерин күшейтиў ҳәм тәжирийбе алмасыўға айрықша итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, химия санаатында заманагөй шешимлерди енгизиў бойынша бир қатар әмелий қәдемлер белгиленген.

“Өзхимиясанаат” АЖ мәлимлеме хызметиниң атап өтиўинше, бул сапар етиў ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлер нәтийжесинде химия тараўында жаңа өндирис қуўатлықларын жолға қойыў, инновацияларды хошаметлеў ҳәм өндирис нәтийжелилигин арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болады.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА