Жаңа бирге ислесиў ҳәм инвестиция имканиятлары

116

Пекин қаласында болып өткен Өзбекстан-Қытай саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық форумында еки мәмлекеттен 800 ден аслам мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери қатнасты. Форум шеңберинде санлы технологияларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Илажда IT Park Uzbekistan делегациясы да қатнасып, мәмлекеттиң глобал IТ-хаб сыпатындағы орны ҳәм келешектеги бирге ислесиў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берди.

Форумда IT Park Uzbekistan бас директоры Абдулаҳад Қўчқоров басшылығындағы делегация да қатнасты. Олар мәмлекеттиң глобал IТ-хаб сыпатындағы орны барған сайын жоқарылап атырғанын атап өтти.

Сөйлесиўлер даўамында IТ ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары додаланды. Рәсмий бөлим менен бир ўақытта B2B ҳәм G2B ушырасыўлары өткерилип, исбилерменлерге тиккелей байланыслар орнатыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды додалаў имканияты жаратылды.


Қытайлы бирге ислесиўшилер менен шериклик IT Park Uzbekistan ушын жаңа инвестицияларды тартыў, биргеликтеги билимлендириў басламаларын жолға қойыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилер тармағын кеңейтиў сыяқлы имканиятларды усынады. Бул болса мәмлекеттиң технологиялық экосистемасын раўажландырыў ҳәм Өзбекстанның жәҳән IТ базарындағы орнын беккемлеўде әҳмийетли қәдем болады.

Нигора Раҳмонова,

ӨзА