Өзбекстанның туризм потенциалы Россияның Новосибирск қаласында өткерилген халықаралық конференцияда таныстырылды

Мәмлекетимиздиң Новосибирск қаласындағы Бас коньсулханасының дипломатлары ҳәм Өзбекстан Туризм комитети жанындағы “Миллий PR орайы”ның ўәкиллери туризм тараўына бағышланған “ТрЭволюция 2025” халықаралық конференциясына қатнасты, деп хабар бермекте “Дунё” МА.
Әнжуманда Россияның барлық аймақларынан келген туроператорлар ҳәм туризм тараўын сәўлелендириўге қәнигелескен блогерлер қатнасты.
Илаж шеңберинде болып өткен “B2B” тәризиндеги ушырасыўда Өзбекстан тәрепи Россия ўәкиллери менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерди.
Россияның жетекши туроператорлары экологиялық, этно, шөл, гастрономиялық, “dark-sky” ҳәм мототуризм сыяқлы Өзбекстанның туристлик бағдарларына россиялы туристлер арасында болған жоқары талапты айрықша атап өтти.
Елимиз туроператорлары Россия тәрепине Өзбекстан туризм санаатының үлкен имканиятлары ҳаққында айтып бериў менен бирге, оларды усыныс етилип атырған пүткиллей жаңа туристлик маршрутлар менен де таныстырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги