Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы бирге ислесиў жоқары басқышқа көтерилмекте

180

Пекин қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң рәсмий делегациялар ағзаларының қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.

Өзбекстан менен Қытай арасындағы барлық шараятларда стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Қытай жетекшиси ҳәм дос Қытай халқын Жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Тяньцзинь қаласындағы саммити табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан Президенти ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң глобал басқарыў бойынша басламасы өз ўақтында алға қойылғаны ҳәм үлкен әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте атап өтти.

Мәмлекет басшылары өткен жыллар даўамында еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында үлкен жетискенликлерге ерисилгенин атап өтти. Барлық дәрежелердеги байланыслардың пәти артып атырғаны, сиясий сөйлесиў беккемленип, әҳмийетли мәселелер бойынша тәреплер бир-бирин қоллап-қуўатлап атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

“Бирден-бир Қытай” сиясатын қоллап-қуўатлаў ҳәм “үш жаўыз күш” – терроризм, экстремизм ҳәм сепаратизмге қарсы гүресиў мәселелеринде Өзбекстанның позициясы өзгермейтуғыны тастыйықланды.

Саўда-экономикалық, технологиялық ҳәм финанслық-инвестициялық бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Өткен жылы товар алмасыў 14 миллиард доллардан асты, жыл басынан болса және 23 процентке өсти. Санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин өз-ара жеткерип бериў арқалы бул көрсеткишти 20 миллиардқа жеткериў ўазыйпасы тур.

Инвестициялық жойбарлар портфели 60 миллиард доллардан асламды қурамақта. 2024-жылы улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан аслам 64 жойбар иске қосылған. Мәмлекетимиз аймақларында биргеликтеги технопарклер ҳәм арнаўлы индустриаллық зоналар жумыс алып бармақта, “BYD” электромобильлерин ислеп шығарыў кеңейтилмекте ҳәм локализациялаў дәрежеси арттырылмақта.

Сапар алдынан бизнес-форум табыслы өткерилди. “Жасыл” энергетика ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетлик транспортты модернизациялаў ҳәм санластырыў, төлемли автомобиль жолларын қурыў, әҳмийетли минералларды терең қайта ислеў, сондай-ақ, химия, суў ҳәм аўыл хожалығы, туризм ҳәм қала қурылысы тараўларында перспективалы жойбарлар ислеп шығылған.

Эксимбанк, Қытай мәмлекетлик раўажланыў банки, “Жипек жолы” қоры ҳәм басқа да институтлар менен кең көлемли шериклик кеңеймекте. Эксимбанктың жәрдеминде жақында Ташкентте Олимпиада қалашасы қурып питкерилди.

Аймақлараралық алмасыўлардың жеделлескени жоқары баҳаланды. Қытай тәжирийбеси тийкарында мәмлекетимизде кәмбағаллықты сапластырыўға қаратылған биргеликтеги илажларды әмелге асырыўда экспертлик жәрдем даўам еттириледи.

Инновациялық жойбарларды алға қойыў ҳәм қәнигелер таярлаў ушын Өзбекстан – Қытай жасалма интеллектти раўажландырыў орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.

“Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” стратегиялық темир жолы қурылысының әмелий басқышы басланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Илим, медицина, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы шерикликти кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мәмлекетимизде Арқа-батыс аўыл ҳәм тоғай университетиниң филиалы ҳәм Халықаралық математика орайы ашылды. Сиан нефть университети филиалын ашыў ҳаққында келисимге қол қойылды. Пекин технология институты филиалын ашыў режелестирилген.

Усы жылы Өзбекстанда екинши Билимлендириў форумы өткериледи. Қытай тилин үйрениўди кеңейтиў ҳәм өзбекстанлы жасларды оқытыў ушын квоталарды көбейтиў, Конфуций институтларының жумысын раўажландырыў қоллап-қуўатланды.

Мәмлекетимиз аймақларында энергетика, машина қурылысы, жасалма интеллект, медицина, аўыл хожалығы тараўлары ушын қәнигелер таярлайтуғын  Өзбекстан – Қытай “Лу Бань устаханалары”н шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Туристлер алмасыўының өсиўине шараят жаратыў мақсетинде авиақатнаўлардың саны арттырылмақта, еки мәмлекет арасында визасыз тәртип енгизилди.

Усы күнлерде Қытай Миллий музейиндеги үлкен көргизбеде Өзбекстан да қатнаспақта. 2027-жылы Шанхай ҳәм Пекинде көркем өнер көргизбелерин өткериў режелестирилген.

Сапар етиў шеңберинде Өз-ара мәденият орайларын ашыў ҳаққында тарийхый келисим қабыл етиледи.

Ушырасыўда халықаралық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ШБШ, “Орайлық Азия – Қытай” форматы ҳәм басқа да көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги муўапықласыў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан жетекшиси Қытай басшысын мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти. Ушырасыў әдеттегидей исеним, ашық-айдынлық ҳәм дослық руўхында өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң Пекин қаласында болып өткен сөйлесиўлериниң жуўмағында қол қойылған еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болды. Соның ишинде:

– “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳәм “Бир мәкан, бир жол” басламасын өз-ара байланыстырыў бойынша бирге ислесиў бағдарламасы;

– Мәденият орайларын өз-ара шөлкемлестириў ҳаққында келисим;

– Медициналық хызметлер тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим.

Буннан тысқары, сапар шеңберинде төмендеги келисимлерге де қол қойылды:

– Өзбекстанға земснарядлар (техникалық кеме) бериў жойбарының екинши басқышын жойбарластырыў бойынша;

– техникалық-экономикалық бирге ислесиў ҳаққында;

– муўапықлықты баҳалаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

– Өзбекстаннан Қытайға қаўын ҳәм бадам экспорт етиўде фитосанитариялық талаплар ҳаққында;

– космослық илимлер, технологиялар ҳәм космослық жумыс нәтийжелеринен тынышлық мақсетлеринде пайдаланыўда бирге ислесиў ҳаққында;

– бәсеки сиясаты тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

– инсан ресурсларын раўажландырыў тараўында бирге ислесиўди беккемлеў бойынша;

– санлы экономика тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша;

– Самарқанд ўәлаяты ҳәм Тяньцзин қаласы арасында шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққында;

– Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Қытай Халықаралық саўдаға жәрдемлесиў кеңеси арасындағы бирге ислесиў ҳаққында.

Пекин қаласына рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Цян менен ушырасыўы болып өтти.

Көп тәреплемели әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық, финанслық-инвестициялық ҳәм гуманитарлық тараўларда және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри ҳәм пүткил Қытай халқын Уллы Жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Тяньцзинь саммити табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

Еки мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери себепли Өзбекстан – Қытай қатнасықлары жаңа дәўирде барлық шараятларда стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплеме “жетик” бирге ислесиў дәрежесине көтерилгени атап өтилди.

Өткен жылы товар алмасыў 14 миллиард долларға жетти ҳәм турақлы өсиўи даўам етпекте. Бул көрсеткишти өним жеткерип бериўди көбейтиў, экспорт ҳәм импорттың тең салмақлылығын тәмийинлеў арқалы 20 миллиард долларға жеткериў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

Усы мақсетте Өзбекстанда стандартларды сәйкеслендириў ҳәм өнимлерди Қытай талаплары тийкарында сертификатластырыў ушын биргеликтеги Квант метрология орайы ҳәм Регионаллық санаатты стандартластырыў орайын ашыў усыныс етилди.

Биргеликтеги жойбарлар портфели 60 миллиард доллардан асламды қурамақта.

Бул ретки сапарға таярлық шеңберинде “жасыл” энергетика, геология, химия, сийрек ушырасатуғын металларды терең қайта ислеў, көмир химиясы, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм санластырыў, аўыл ҳәм суў хожалығы, туқымгершилик, агроволтаика тараўларында жаңа жойбар усыныслары қәлиплестирилди.

Илимий изертлеўлер ҳәм перспективалы стартапларды алға қойыў мақсетинде Өзбекстан – Қытай жасалма интеллектти раўажландырыў орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.

Қытайдың жетекши банк-финанс институтлары менен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де көрип шығылды.

Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бойынша арнаўлы төменги комитет мәжилиси ҳәм усы жылы Өзбекстанда өткерилип атырған екинши Аймақлар форумының жуўмақларына жоқары баҳа берилди.

“Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” стратегиялық темир жолын қурыў жойбары бойынша Өзбекстан жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерин тартқан ҳалда әмелий жумыслар алып барылмақта.

Бул ретки сапар етиў шеңберинде Мәденият орайларын өз-ара ашыў ҳаққында келисимге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Чунцин қаласында биринши мәрте Кәсип-өнер билимлендириўи форумы өткерилди, бул бағдарда “Өзбекстан – Қытай альянсы” дүзилди. Өзбекстан аймақларында “Лу Бан устаханалары” ашылады.

Ташкент ҳәм Самарқандтағы Конфуций институтлары нәтийжели жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.

Тәреплер авиақатнаўлар санын және де көбейтиў ҳәм туристлер алмасыўын жеделлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Илаж жуўмағында Президентимиз ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министрин рәсмий сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.

Мәмлекетимиз басшысы Қытайға рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде усы мәмлекеттиң жетекши компанияларының басшылары менен ушырасыў өткерди.

Илажға “China Gold”, “China Coal Resources”, “China Datang Corporation”, “Tianjin Rail Transit Group”, “Poly Changda”, “Tianjin Urban Construction”, “Jinchuan Group”, “China Synfuels”, “Jinchuan”, “ST Wonderful”, “Mizuda”, “World Agriculture”, “Dongzhu Ecology” ҳәм басқа да компаниялардың басшылары қатнасты.

Президентимиз Қытай бизнесиниң Өзбекстанға қызығыўшылығы ҳәр қашанғыдай жоқары екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өткен жылдың өзинде инвестициялардың көлеми 10 миллиард доллардан асты.

Ушырасыўда энергетика, геология, аўыл ҳәм суў хожалығы, химия, зергерлик санааты, жәмийетлик транспортты модернизациялаў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм туризм тараўларында кооперация жойбарларын әмелге асырыў перспективалары көрип шығылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Қытайға рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Пекин қаласында “China National Building Materials” (CNBM) компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Чжоу Юйсянды қабыллады.

Қытайдың CNBM компаниясы қурылыс материалларын ислеп шығарыў, қайта тикленетуғын энергетиканы раўажландырыў, инженерлик-техникалық шешимлерди усыныў бойынша ең ири конгломератлардан бири сыпатында дүньяның ТОП-500 компанияларының қатарына киреди.

Ушырасыўда компания тәрепинен насос станцияларын модернизациялаў, самал ҳәм қуяш электр станциялары, энергияны сақлаў системаларын қурыў, альтернатив энергетика объектлери ушын комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўды локализациялаў сыяқлы перспективалы жойбарларды әмелге асырыў режелери көрип шығылды. Қытай компаниясының елимиз санаат кәрханаларының энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша бағдарламада қатнасыўға айрықша итибар қаратылды.

Ерисилген келисимлерди жеделлестириў ҳәм әмелге асырыў ушын айрықша «жол картасы»н қабыл етиў тапсырылды.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы  “China National Petroleum Corporation” (CNPC) компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Дай Хоулянды қабыллады.

Қытай миллий нефть-газ корпорациясы углеводород шийки затын қазып алыў ҳәм қайта ислеў бойынша жоқары технологиялық жойбарларды мәмлекеттиң ишинде ҳәм сыртқы базарларда әмелге асырыўға қәнигелескен дүньяның ең ири энергетика компанияларынан бири болып есапланады. Компанияның базар капиталласыўы 200 миллиард доллардан артық.

Ушырасыўда CNPCтиң мәмлекетимизге киргизген тиккелей инвестицияларының көлеми 5 миллиард доллардан артқаны атап өтилди.

Қытай компаниясы менен инвестициялық бирге ислесиў портфелин кеңейтиў ҳәм жер асты тәбийғый газ сақлаў имаратларын қурыў, инфраструктураны модернизациялаў, заманагөй метрологиялық стандартлар ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў жойбарларын алға қойыў режелери көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пекин қаласына сапары шеңбериндеги исбилерменлик ушырасыўларының гезектегиси “China National Nuclear Corporation” (CNNC) баслығы Шэн Янфень менен болды.

Қытай миллий ядро корпорациясы пуқаралық ядро бағдарламалары тараўындағы ең ири мәмлекетлик кәрхана болып есапланады. Компания уранды излеў ҳәм байытыўдан баслап, Қытай ҳәм сырт елде атом электр станцияларын қурыўға шекемги жойбарлардың толық шынжырын әмелге асырады.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы “CNNC” баслығы ҳәм жәмәәтин Қытай атом санаатының 70 жыллығы менен қутлықлады.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстанда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Қытай компаниясының заманагөй технологиялар трансфери ҳәм уран кәнлерин өзлестириўдеги қатнасы, перспективалы майданларда геологиялық-излеў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, тыныш атом тараўында кооперацияны кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

 

Қытайға рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Henan Investment Group”  компаниясының бас директоры Чжу Хунбин менен ушырасыў өткерди.

Қытайдың энергетика ҳәм инфраструктураны раўажландырыў тараўындағы жетекши компанияларынан бири болған “Henan Investment”  қурылыс, санаат, энергетика, экология ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында жойбарларды әмелге асырмақта. Компания активлери 50 миллиард доллардан аслам.

Өзбекстанда көмир кәнлерин өзлестириўде алдынғы технологиялық шешимлерди енгизиў, заманагөй электр станциялары, энергияны сақлаў системаларын жойбарластырыў ҳәм қурыў, биоөнимлер ислеп шығарыў, шығындыларды қайта ислеў, таза энергия ислеп шығарыў бойынша кооперация жойбарларының әмелий жақлары додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Қытай компаниясының қатнасыўындағы жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў ушын өз алдына “жол картасы”н қабыл етиў бойынша тапсырма берди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасына рәсмий сапары даўам етпекте

ӨзА