Глобал машқалаларды шешиўге байланыслы басламалар тек ғана Өзбекстанның емес, ал ШБШ ағзаларының мәпине хызмет етеди

115

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ) Мәмлекет басшылары кеңесиниң бул ретки саммити шөлкем ағзалары ҳәм шериклери арасында өз-ара қатнасықлардың узақ келешекке мөлшерленген стратегиялық бағдарларын белгилеп берген майданға айланды.

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон Маматкаримов бул бойынша мүнәсибет билдирди:

– Бүгин дүнья жәмийетшилиги арасында өз-ара сөйлесиў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў, узақ перспективалы бағдарламаларды ислеп шығыў, Батыс ҳәм Шығыс арасындағы транзитти кеңейтиў, интеграцияласыў процесслерин раўажландырыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли бир басқышта тур.

Себеби, халықаралық бирге ислесиўдиң дәстүрий системасы изден шығып, мәмлекетлер арасындағы өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет төменлеп бармақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң сөзи менен айтқанда, исенимниң системалы кризиси, келиспеўшиликлердиң кеңейип атырғаны, көп тәреплеме институтлардың ҳәлсиреўи ҳәм дүнья саўда системасының ыдыраўы халықаралық қәўипсизлик ҳәм турақлылық архитектурасының тийкарларына зыян жеткермекте.

Бул болса, ҳәр қыйлы геосиясий қарама-қарсылықлар ҳәм қураллы келиспеўшиликлерди келтирип шығарып, дүнья экономикасына, саўда ҳәм инвестициялар айланысына, азық-аўқат ҳәм энергетика тәмийнатына өзиниң унамсыз тәсирин көрсетпекте.

Бундай шараятта өз-ара конструктивлик бирге ислесиў алып барыў, теңдей ҳәм пайдалы сыртқы сиясатты тәмийинлеў және экологиялық машқалаларды биргеликте сапластырыўдың кең көлемли қағыйдаларын әмелиятқа енгизиўдиң әҳмийети барған сайын артып бармақта.

ШБШ жылдан-жылға усындай машқалаларды шешиўдиң нәтийжели шешимин табатуғын, регион ҳәм дүнья жәмийетшилигиниң раўажланыўы ушын улыўма пайдалы бағдарламалар ислеп шығатуғын майданға айланып бармақта. Экономикалық, интеллектуаллық, тәбийғый ресурс ҳәм технологиялық бағдарларда үлкен потенциал ҳәм имканиятларға ийе болған бул шөлкемниң ағзалары бүгинги күнде дүнья жалпы ишки өниминиң дерлик шерек бөлегин жаратпақта.

Сондай-ақ, бул шөлкемниң жумыс бағдарламасы ағза мәмлекетлер арасындағы өз-ара ҳүрмет, бир-бирин қоллап-қуўатлаў және миллий мәплер, қәдирият ҳәм дәстүрлерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған болып, өз-ара түсинисиў ҳәм тилеклеслик ШБШның халықаралық майданда тутқан орны ҳәм тәсири избе-из кеңейип барыўына хызмет етпекте.

Әсиресе, ШБШ ағзалары ҳәр қыйлы мәдений, цивилизациялық көзқараслар, өзине тән сыртқы экономикалық-сиясий бағдарлар ҳәм ҳәр қыйлы миллий раўажланыў моделлерине ийе болыўына қарамастан, улыўма мәп ҳәм улыўма мақсет ағза мәмлекет басшыларын бир дәўирде қайта-қайта дусластырмақта.

Бул ушырасыўлар өз-ара ҳүрмет, тең ҳуқықлы сөйлесиў ҳәм шериклик тийкарында шөлкемлестирилип барылғаны себепли, ШБШны дүньяда заманымыздың ең қыйын машқалаларына биргеликте жуўап табатуғын майданға айландырды.

Бул ретки ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң саммитине Қытай Халық Республикасы басшылық етти. Геоэкономикалық ҳәм регионаллық машқалалардың шешимин табыўға қаратылған бул саммитте регион мәмлекетлери арасында бирге ислесиў байланысларын буннан былай да кеңейтиў, экономикалық-социаллық машқалаларды биргеликте сапластырыў және тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелери кеңнен додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы ШБШның үлкен имканиятларынан келип шығып, шөлкемниң сиясий тийкарларын беккемлеў, регионаллық қәўипсизлик тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған бир неше әҳмийетли баслама ҳәм усынысларды алға қойды.

Соның ишинде, мәмлекетимиз басшысы ШБШ институтларының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм оны Глобал Қубла мәмлекетлери есабынан кеңейтиў, Ядро қәўипсизлиги бойынша декларация қабыл етиў, “ШБШ-Аўғанстан” сөйлесиў топарының жумысын жеделлестириў, Саўданы әпиўайыластырыў тәртип-қағыйдалары ҳаққындағы келисимге қол қойыў, Венчур компаниялар ҳәм қорлар тармағын және Арнаўлы электрон инвестиция порталын шөлкемлестириў, Арқа-Қубла ҳәм Шығыс-Батыс жөнелислеринде транспорт-транзит коридорларын раўажландырыў, “ШБШ бирден-бир транспорт мәканы”н қәлиплестириў ҳәм оны “Бир мәкан, бир жол” басламасы менен үйлестириў ҳәм Климат өзгериўине бейимлесиў, декарбонизация ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерди болжаў ушын жасалма интеллект технологияларын енгизиўге қаратылған ШБШ регионаллық платформасын иске қосыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерди шешиўге қаратылған басламаларды алға қойды.

Әлбетте, Президентимиз тәрепинен алға қойылған бул басламалар мәмлекетимизди тек ғана ишки сиясатта емес, ал халықаралық қатнасықларда да алдынғы ҳәм әҳмийетли басламаларды алға қоятуғын мәмлекет екенин көрсетип, Өзбекстанның регионаллық ҳәм халықаралық майдандағы жедел ҳәм стратегиялық шерик екенин және бир мәрте көрсетти.

Сондай-ақ, регионаллық ҳәм глобаллық машқалаларды шешиўге қаратылған, көп тәреплемели басламалар тек ғана Өзбекстан емес, ал барлық ШБШ ағзаларының мәпине бирдей хызмет етеди. Улыўмаластырып айтқанда, улыўма мәплер жолында алға қойылған бул басламалар ШБШның келешектеги жумысын кеңейтиў, бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, регион халқының абаданлығын турақлыластырыўға тийкар жаратады.

Н.Абдураимова, ӨзА