Өзбекстан ҳәм Молдова автомобиль транспортында жүк тасыўларды раўажландырыў бойынша келисимге еристи

128

Кишинёв қаласында Өзбекстан-Молдова  комиссиясының автомобиль тасыўлары мәселелерине бағышланған мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги делегациясы Молдова транспорт ҳәм жол инфраструктурасы министрлигиниң ўәкиллери менен халықаралық автомобиль транспортында жүк тасыўларды раўажландырыў, миллий тасыўшылар ушын қосымша қолайлықлар жаратыў мәселелерин додалады.

Мәжилис жуўмағында автомобиль транспортында халықаралық жүк тасыўлар бойынша әмелдеги келисимлерге өзгерис киргизиў бойынша протоколға қол қойылды. Оған муўапық, 2026-жылдың басынан Өзбекстан ҳәм Молдова арасында еки тәреплеме және транзит жүк тасыўлар руқсатнамасыз әмелге асырылатуғыны белгиленди.

Бул келисим Өзбекстан тасыўшылары ушын Европа жөнелисинде қосымша имканиятлар жаратып, сыртқы экономикалық байланысларды беккемлейди.

Ҳамроз Баянов, ӨзА