Қыс мәўсимине пуқта таярлықлар көрилмекте

143

Газ тәмийнаты тараўы қәнигелеринин тийкарғы ўазыйпасы ҳәр қандай шараяттада тутыныўшыларды турақлы түрде тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ бенен турақлы тәмийинлеўден ибарат.  Сонлықтан тараў қәнигелери тәрепинен ҳәзирги ўақытта гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў, тутыныўшыларға өз ўақтында тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ жеткерип бериўде келип шығыўы мүмкин болған машқалалардың алдын алыў бойынша белгилеп алынған ис-реже тийкарында жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, бүгинги күни республикамыздың ең шетки шегаралас аймақларынан саналған Тахтакөпир районындағы алыс аўылларда жасаўшы тутыныўшыларды суйылтырылған газ баллонлары менен тәмийинлеўге де итибар каратылып, Мүлк, Қоструба, Жаңадәрья, Караой, Қаратерең, Дәўқара, Белтаў, А. Адилов, Коңыраткол ҳәм Атакөл аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы 1 мың 700 ден аслам хожалықларды өз ўақтында иркинишсиз газ баллонлары менен тәмийинлеп келмекте.

Газ тәмийнаты тийкарынан Шымбай районында жайласқан «Шымбай газ толтырыў шақапшасы» арқалы арнаўлы автотранспортларда тасып жеткерип бериледи.

Гезектеги график бойынша газ баллонлары менен тәмийинлеў жумыслары район орайынан 160 км узақлықта жайласқан Қоструба аўылы болды.

-Ҳәр қандай қыйын шараятта да жол машақатына қарамастан аўылда жасаўшы 28 хожалыққа газ баллонлары хәр 30-35 күн аралығында турақлы түрде жеткерип берилмекте,-дейди Тахтакөпир районлык газ тамийнаты бөлиминиң жетекши кәнигеси Ержан Адилов.

Ҳақыйқатында да, «қыс ғамыңды жазда же» дегениндей, ҳәзирги күнлери пүткил республикамыз бойлап гүзги-қысқы мәўсимге пуқта таярлықлар көриў ислери алып барылмақта. Бул болса, халқымыздың қыстан ҳеш бир қәўетерсиз, аман-есен өтиўине тийкар болып хызмет етеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы