Ананас импортында дерлик еки есеге өсиў бақланды

Ананас – тропикалық регионлардан келип шыққан, мазалы ҳәм пайдалы мийўе болып, пүткил дүнья жүзи бойлап кең пайдаланылады. Бул мийўе С витамини, антиоксидантлар ҳәм ас сиӊириў системасын жақсылаўшы бромелаин ферментине бай. Сол себепли, ананас тек ғана дәм ушын емес, ал денсаўлық ушын да қәдирленеди. Ол иммунитетти беккемлеў, исиниўди кемейтиў ҳәм териниң жағдайын жақсылаўға жәрдем береди. Өзбекстан сыяқлы орташа климат шараятына ийе мәмлекетлерде болса ананасты жергиликли ислеп шығарыў имканиятлары шекленгени себепли, бул мийўе тийкарынан импорт арқалы жеткерип бериледи.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың биринши ярым жыллығында Өзбекстанға сырт мәмлекетлерден баҳасы 1,6 миллион АҚШ долларына тең болған 4,6 мың тонна ананас импорт етилген. Бул көрсеткиш 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2,2 мың тоннаға артқан, яғный ананас импорты дерлик еки есеге көбейген.

Ең көп ананас жеткерип берген мәмлекетлер дизиминде Қытай жетекши болып, жәми 4,5 мың тонна ананас импорт етилген. Сондай-ақ, Қазақстан – 92 тонна, Нидерландия – 16 тонна, Мексика – 5 тонна менен Өзбекстанға ананас жеткерип бериўде белсене қатнаспақта.
Бул импорт көлеминиң артыўын тутыныўшылардың саламат турмыс тәризине қызығыўшылығы, тропикалық ҳәм пайдалы мийўелерге талаптың артқаны менен түсиндириў мүмкин. Қалаберди, саўда байланысларының раўажланыўы, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлер менен саўда қатнасықларының беккемлениўи импорт көлеминиң артыўына себеп болмақта.
Келешекте ананас импортының артыўы мәмлекетте ҳәр қыйлы тармақлар – усақлап сатыў, азық-аўқат санааты, сондай-ақ, саламат аўқатланыўға байланыслы хызметлер ушын унамлы өзгерислер алып келиўи күтилмекте. Соның менен бирге, ишки өндиристи раўажландырыў ҳәм импортқа байланыслылықты азайтыў ушын климатқа сай жаңа инновациялық усылларды енгизиў мүмкин.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА