Сапалы билимлендириў – жедел раўажланыўдың тийкарғы факторы

Бәримиз бала болғанбыз. Ҳәрип танып, биринши мәрте оларды жазыўды, кишкене бармақларымызды бүгип санаўды көпшилигимиз еле мектепке бармастан бурын үйренгенбиз. Бирақ соған қарамастан, меҳрибан устазларымыз, жанажан мектеп, қәдирдан класс ханаларын сағынамыз. Себеби, пәк арзыў-нийетлеримиз, балалықтың таза демлери әйне мектеп пенен байланыслы.
Перзентлерин билимли, ақыллы, ағартыўшы инсан етип камалға келтириў халқымыз миллий менталитетиниң ажыралмас бөлеги болып есапланады. Кейинги жыллары елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыўға елимизди раўажландырыўдың әҳмийетли шәрти сыпатында барған сайын көбирек итибар қаратылмақта. Бүгинги тыныш-татыў күнлерди көриў әрманында жасаған, жанып өмир сүрген жадид бабаларымыз да Ўатан келешегин тәлим-тәрбия, мектепте көрген. Сонлықтан, Президентимиз Шавкат Мирзиёев жаңа Өзбекстанның раўажланыў тийкарын әйне билимлендириў тараўын түп-тийкарынан реформалаў менен байланыстырмақта.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығына бағышланған салтанатларда сапалы тәлим-тәрбия, халқымыздың саламатлығы келешектеги раўажланыўымызды шешетуғын ең әҳмийетли мәселе екенин айрықша атап өтти.
Билимлендириўге болған итибар быйыл елимиздиң улыўма билим бериў мектеплеринде жаңа оқыў жылының бийтәкирар, көтериңки ҳәм байрам кейпиятында басланғанында да айқын көзге тасланбақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң елимиз мектеплериниң оқыўшылары ҳәм устаз-тәрбияшыларына қутлықлаўы “Билимлер күни”н өзгеше ағартыўшылық байрамына айландырып жиберди.
Быйылғы жаңа оқыў жылына бағышланған илажлар “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” деген уллы сүрен астында өтпекте. Биринши сабақ – “Келешек сааты” сабақларында мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыў процесслери, Ғәрезсизлик, миллий өзликти аңлаў, ғәрезсизлик жылларында қолға киргизилген жетискенликлер, жасларға көрсетилип атырған ғамхорлық ҳаққында толық мағлыўмат берилмекте.

Елимизде кең жәмийетшилик, устаз ҳәм педагоглар, ата-аналардың пикир ҳәм басламаларына сүйенген ҳалда билимлендириўдеги реформаларды жаңаша мазмун менен байытыўға үлкен әҳмийет қаратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Президент, дөретиўшилик, қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестирилип, оларда жас әўладқа халықаралық стандарт ҳәм талапларға сай тәризде билим берилмекте. Бул мектеплердеги алдыңғы жумыс тәжирийбесин елимиздеги улыўма билим бериў мектеплери бойлап ғалаба ен жайдырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Усы жылдан баслап елимизде “Президенттиң қәбилетли перзентлери” ағартыўшылық жойбары кеңнен ен жайды. Бул болса қәбилетли оқыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың дөретиўшилик-ағартыўшылық потенциалын барған сайын арттырыўда жаңа имканиятларды ашпақта.
Жаңа оқыў жылынан баслап барлық районларда “Мәртлик мектеплери” жумысының кеңнен жолға қойылғаны нәўқыран әўладты ўатансүйиўшилик, ўатанға садықлық, пидайылық руўхында тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Себеби, ийеленген билимлер Ўатанныӊ раўажланыўы, оның абаданлығы, миллеттиң ағартыўшылығы ҳәм раўажланыўы ушын хызмет етсе ғана қәдирли.
Билимлендириўдеги реформалар процесинде муғаллимлерди артықша қағазпазлықлар, мәжбүрий мийнет, өз жумысына байланыслы болмаған жумыслардан азат етиў бағдарында мисли көрилмеген қәдемлер тасланды. Педагогларды социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўдиң жаңа механизмлери, үлкен имканиятлары иске қосылмақта.
Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги мәлимлеме хызметиниң берген мағлыўматларына бола, жаңа түрдеги мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң системаға кирип келиўи нәтийжесинде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң саны 38 мыңға жетип, дерлик 8 есеге артты (2017-жылы 5 200 еди).
Заманагөй жойбарлар тийкарында жаңадан 556 бақша шөлкемлестирилди, бар 3,1 мыңы реконструкцияланып, 562 мың жаңа қуўатлықлар жаратылды.
“Дәслепки қәдем” бағдарламасының қабыл етилиўи ҳәм жаңа бала орынларының жаратылыўы нәтийжесинде 3-7 жастағы балалардың қамтып алыныў дәрежеси 77 процентке (2017-жылы 27 процентти қураған), 6 жастағылардың қамтып алыныўы 96 процентке жеткерилди. Ҳәзирги ўақытта республикамыз бойынша 10 мың 193 мектеп болып, оларда 6 миллион 754 мың 813 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта.
Елимизде билимлендириўге қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде педагог-хызметкерлер тәрепинен жүргизилетуғын ҳүжжетлер азайтылды.
Кейинги жылларда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде мектеп питкериўшилериниң жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў орташа балл көрсеткиши соңғы бес жылда 69,8 баллдан 80,9 баллға артты.
14 Президент мектеби (100 проценти) SAT халықаралық сертификаты имтиханларын өткеретуғын рәсмий орайлар сыпатында тән алынды.
Мектеп директоры лаўазымына тайынлаў системасы жетилистирилип, оларға менеджерлик сертификатын бериў тәртиби енгизилди.
Халықаралық пән олимпиадаларында 2024-2025-оқыў жылында 38 алтын, 74 гүмис, 86 бронза, жәми 198 медаль қолға киргизилди.
Тил билиў бойынша халықаралық сертификатқа ийе шет тили муғаллимлериниң саны 33 мың 797 ге (67 процент) жетти. Сондай-ақ, педагоглардың маманлығын арттырыў мақсетинде сырт ел шөлкемлери менен бирге ислесиў алып барылмақта. Соның ишинде, Британия кеңесиниң Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Англияның NILE (Норвич тил билимлендириў институты) институты, француз тили бағдарында Франция елшиханасы ҳәм Француз Алянсы шөлкеми, немис тили бағдарында Гёте институтының Ташкент филиалы менен бирге ислеспекте. Бул сырт ел шөлкемлериниң экспертлери ҳәм жергиликли қәнигелер биргеликте усы Кәсиплик раўажланыў күни ҳәм Кәсиплик раўажланыў сааты илажларының оқыў реже ҳәм бағдарлама (контент) материалларын ислеп шықты.
2024-жыл 1-январьдан баслап улыўма орта билим бериў мәкемеси директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсларында оқытыў ҳәм оларға менеджерлик сертификатын бериў системасы енгизилди.
Республикада биринши мәрте 950 мектепте инклюзив билимлендириў енгизилди. 2145 имканияты шекленген бала қамтып алынып, саламат оқыўшылар менен билим алыў имканияты жаратылды.
Президент мектеплери CIS (Council of International Schools) Халықаралық мектеплер кеңеси шөлкеми талапларына бейимлестирилди.
2025-жылы жәми 440 мектепте ҳәм 226 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Нәтийжеде мектеплерге қосымша 115 тен аслам жаңа орынлар жаратылады, бар 100 мыңнан аслам орынлар заманагөй көриниске келтириледи.
Ҳақыйқатында да, елимизде билимлендириўге ҳәр қашанғыдан да көбирек итибар қаратылмақта. Бундай итибар болса ертең емес, бүгинниӊ өзинде өзиниң жоқары нәтийжелерин көрсетпекте.
Назокат Усмонова, ӨзА