Қараөзекли оқыўшыларға да Президент саўғалары тапсырылды

119

Қараөзек районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде 2-сентябрь-Билимлер күни мүнәсибети менен жаңа 2025-2026-оқыў жылының дәслепки қоңыраўы қағылды.

Усындай байрам кешеси райондағы 5-санлы мектепте өткерилип, илажға район ҳәкими Анвар Баймуратов,  билимлендириў тараўы басшы хызметкерлери, нураныйлар менен мектеп оқыўшылары ҳәм ата-аналар қатнасты.

Байрам кешеси Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Илажда район ҳәкими ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлап, биринши класқа қабылланып атырған балаларға 12 атамадағы Президент саўғаларын салтанатлы жағдайда тапсырды.

Буннан соң район ҳәкими Анвар Баймуратов 1-класс оқыўшыларына  ғәрезсизликлигимиздиң жемислери ҳаққында түсиник берип, «Келешек сабағы»н өтти.

Сондай-ақ, район  ҳәкими мектеп питкериўши жаслар менен де кеңнен пикирлести ҳәм оларға өзиниң өмир тәжирийбелери ҳаққында айтып, келешектеги режелери менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги