«Саманбай» да мәҳәлле комплексиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды

210

Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халық ҳәм жәмийет тәрепинен басқарылатуғын мәҳәлле комплексиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Илажға район ҳәкими З.Зайтов ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов қатнасып,  Президентимиз тәрепинен елимизде мәҳәлле институтын қәлиплестириў ҳәм жумысларын жетилистириў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳаққында кең түрде айтып өтип, мәҳәлле турғынларын  Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығы байрамы ҳәм жаңа имарат ашылыўы менен қызғын қутлықлады.

Имарат пайдаланыўға тапсырылғаннан соң, “Саманбай” мәҳәлле жетилиги, халыққа хызмет көрсетиў ушын ерлер ҳәм ҳаял-қызлар шаштәрезханалары, тигиўшилик, гилем цехы, IT оқыў орайы, фитнес клубы өз жумысын баслайды.

Бул мәҳәлле имараты Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў қорының қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 3,7  млрд. сумлық қаржы есабынан қурып питкерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги