Мәҳәллелердиң материаллық-техникалық базасы беккемленбекте

132

Мәҳәлле – халық пенен мәмлекет арасындағы исеним көпири сыпатында хызмет ететуғын, инсанды жәмийеттиң бир бөлеги болыўға үйрететуғын, оны кеңпейиллик ҳәм халықшыллық руўхында тәрбиялайтуғын тәрбия бесиги. Мине, усындай уллы қәдириятлар орайы болған мәҳәллелерге итибар мәмлекетимиз басшысы тәрепинен күн тәртибине қойылған. Шығысқа тән мәдениятты өзинде жәмлеген мәҳәллелеримиздиң абырайын арттырыў, мәҳәлле арқалы елимиздиң раўажланыўы ушын хызмет етиў миннетимиз болып есапланады.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзлеринде “Биз жумысымыздың биринши күнлеринен-ақ ҳәмме жумысты мәҳәлледе, халқымыз бенен биргеликте шөлкемлестирип киятырмыз. Бул системаны басқышпа-басқыш раўажландырдық. Енди және қосымша күш, имканиятлар берилмекте. Бул ҳәм ўәкиллик, ҳәм жуўапкершилик дегени. Мәҳәллелер – мәмлекетимиздиң ең үлкен тийкары” деп атап өткенлери де бийкарға емес. Себеби мәҳәллелер шын мәнисинде халықтың дәртин жеңиллестириўши, олардың исенимли мәканына айланбақта.

2023-жыл 26-сентябрьде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен мәҳәлле кесиминде ислесиў системасын және де күшейтиў, мәҳәлле “жетилиги” жумысын жолға қойыў бойынша өткерилген мәжилисте бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди. Бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын мәҳәллени басқарыў системасын жетилистириў ҳәм мәҳәлле “жетилиги” жумысын жолға қойыў бойынша Президентимиздиң 2023-жыл 21-декабрьдеги “Мәҳәлле институтының жәмийеттеги ролин түп-тийкарынан арттырыў ҳәм оның халықтың машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында” ғы пәрманына бола, мәҳәлле абаданлығын тәмийинлеў, “Абат мәҳәлле”, “Абат көше”, “Абат шаңарақ” нормаларын енгизиўде халықтың белсене қатнасыўын ҳәм жуўапкершилигин арттырыў илажларын көриў, мәҳәллелердеги машқалалардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели шешилиўинде бир қатар ўазыйпалар қатарында мәҳәллелердиң материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаў, оларға ажыратылатуғын қаржыларды орайласқан түрде  бөлистириў, тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын  енгизиў, мәҳәлле жуўапкерлериниң маманлығын арттырыў, оларда заманагөй басқарыў көнликпелери қәлиплесиўине жәрдемлесиў ўазыйпалары белгилеп берилгенлиги атап өтилген еди.

Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда мәҳәллелердиң материаллық базасы беккемленип, хызметкерлерге қолайлы шараятлар жаратылмақта.

Солардың қатарында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен Мойнақ районындағы МПЖ ҳәм АПЖ басшыларына мәҳәлле бюджети есабынан заманагөй компьютерлер берилди.

Илажға  Мойнақ районы ҳәкими Бахтиёр Менглибеков қатнасып, елимизде Президентимиз тәрепинен мәҳәлле институтлары жумысларын беккемлеў, халықтың абадан турмыста жасаўы ушын жаратылып атырған имканиятларды  атап өтти ҳәм райондағы МПЖ ҳәм АПЖ басшыларына заманагөй компьютерлерди тапсырды.

-Бул баслама мәҳәллелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, аймақларда заманагөй басқарыў системасын қәлиплестириў ҳәм халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етери сөзсиз,-дейди Мәҳәллелер ассоциациясы  Мойнақ районлық бөлиминиң  баслығы Султанбек Расбергенов.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги