Хожелиде жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды
143

Хожели районындағы 42 улыўма орта билим бериў мектеплеринде “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” сүрени астында жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылып, дәслепки оқыў саатлары басланды.
Район ҳәкими Ж.Ермашев “Жүзимзар” мәҳәллесинде жайласқан 32-санлы мектепте өткерилген байрам салтанатында болып, жаңа 2025-2026-оқыў жылын баслап атырған оқыўшылар ҳәм мектеп жәмәәтин қызғын қутлықлады. Илаж даўамында 1-классқа қәдем таслап атырған балаларға Президент саўғалары салтанатлы түрде тапсырылып 11-класс оқыўшылары ушын биринши “Келешек сааты” өткерилди.



Усы жылы район аймағындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплерине жәми 2240 оқыўшы 1-классқа қамтып алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги