Жаңа оқыў жылы көтериңки руўхта басланды

Елликқала районында 2025-2026-оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен барлық 76 улыўма билим бериў мәкемесинде “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” сүрени астында “Биринши қоңыраў” илажлары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.
Елликқала районы ҳәкими В.Ниязимбетов райондағы 22-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген илажда қатнасып, оқыўшыларды ҳәм олардың ата-аналарын жаңа оқыў жылы менен қызғын қутлықлады. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде соңғы жыллары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, жаслардың заманагөй ҳәм терең билим алыўы ушын жаратылып атырған шараятларға тоқтап өтти, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Биринши классқа қәдем таслап атырған балаларға дәстүрий түрде “Президент саўғасы” тапсырылды.
Сондай-ақ, район басшысы “Келешек сааты” сабақларына да қатнасып, оқыўшы жаслар менен ашықтан-ашық сәўбетлести, олардың пикир-усынысларын тыңлады.
Мағлыўмат орнында, районда жәми 76 билимлендириў мәкемеси жумыс алып бармақта. Олардан 74 и улыўма билим бериў мектеби, 1 қәнигелестирилген мектеп ҳәм 1 “Бәркамал әўлад” балалар мектеби болып есапланады. Бул мектеплерде билимлендириў 5 тилде – өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен ҳәм рус тиллеринде алып барылады.
2025-2026-оқыў жылында райондағы улыўма оқыўшылар саны 34 550 ди қурап, соннан 3 555 бала биринши классқа қабыл етилди.


Жаңа оқыў жылының усындай көтериңки руўхта басланыўы – билимлендириўге болған итибар, перзентлеримиздиң келешеги ушын жаратылып атырған имканиятлардың және бир әмелий көриниси сыпатында хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги