Қумшекер әҳмийетли азықлық өним, бирақ…

Қумшекер инсан өмиринде әҳмийетли азық-аўқат өнимлери қатарына киреди. Ол тек ғана дәм ҳәм энергия дереги болып хызмет етпей, ал, мийдиӊ искерлигин хошаметлеўде де жәрдем береди. Соның менен бирге, қумшекер организмге тез энергия береди, бул болса физикалық ҳәм руўхый искерлик ушын әҳмийетли. Бирақ, артықша қант қабыл етиў жүрек-қан тамыр кеселликлери, қантлы диабет, салмақ артыўы ҳәм басқа да денсаўлық пенен байланыслы машқалаларға себеп болыўы мүмкин. Соның ушын қантты пайдаланыўды нормада сақлаў, саламат турмыс тәризиниң ажыралмас бөлеги болып есапланады.
Миллий статистика комитетиниӊ мағлыўматларына бола, Өзбекстанда 2025-жылдың январь-июнь айларында 165,5 мың тонна қумшекер ислеп шығарылған. Бул көрсеткиш өткен жыллардың сәйкес дәўири менен салыстырғанда сезилерли азайыўды көрсетеди. Себеби соңғы жылларда қумшекер ислеп шығарыўда өсиў емес, белгили дәрежеде төменлеў бақланған. 2023-жыл есабында 332,6 мың тонна, 2024-жылы 227,8 мың тонна қумшекер ислеп шығарылған еди.

Қумшекер ислеп шығарыў көлеминиң төменлеўи, бир қатар экономикалық ҳәм климат шараятларына байланыслы болыўы мүмкин. Аўыл хожалығы тараўындағы өзгерислер, қант қамыс ҳәм қант ләблебиси өниминиң азайыўы да оған тәсир көрсетиў итималы жоқары. Соның менен бирге, тутыныўшылар арасында саламат аўқатланыўға болған қызығыўшылық артып атырғаны да қумшекерден пайдаланыўдыӊ азайыўына себеп болмақта.
Қәнигелердиң пикиринше, қумшекер биз пайдаланатуғын азық-аўқатлардың көпшилигинде бар. Сондай-ақ, ҳәзирги күнде сүйип пайдаланылатуғын ҳәр қыйлы кондитер өнимлери ҳәм газли ишимликлер қурамында үлкен муғдарда қант болады. Ҳәзирги күнде көпшиликте тийкарынан надурыс аўқатланыў менен байланыслы машқалалар келип шықпақта. Көпшилик саламат турмыс тәризине әмел ететуғын адамлар қумшекерди аўқатланыў рационынан белгили дәрежеде азайтпақта ямаса пүткиллей шығарып тасламақта.
Бирақ ҳәмме де бул өнимнен пүткиллей ўаз кеше алмайды. Себеби қумшекер кондитерлик, ишимлик ҳәм ҳәр қыйлы азық-аўқат өнимлериниң қурамындағы ең керекли қосымша болып есапланады. Әлбетте, ҳәр бир инсан қумшекерден пайдаланыўда балансты жолға қоя алса, бул өним денсаўлық ушын үлкен машқалалар келтирип шығармайды.
Қумшекер ислеп шығарыў тек ғана мәмлекетимизде емес, ал пүткил дүньяда да жетекши бизнес болып есапланады. Халықтың қумшекерге болған талабын тәмийинлеў, сапа ҳәм баҳаны турақластырыў мақсетинде бул тараўда жаңа технологияларды енгизиў ҳәм өндиристе бәсекиге шыдамлы компаниялардың жумыс алып барыўы үлкен әҳмийетке ийе.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзА