Медицина бирлеспеси жаңаланыўлар жолында

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын Тақыятас районлық медицина бирлеспесине пресс-тур шөлкемлестирилди.
Илажда районлық медицина бирлеспеси баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Дүйсен Айтымбетов ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин бирлеспеде жаратылған имканиятлар менен жақыннан таныстырды.
Илажда айтап өтилгениндей, елимизде алып барылып атырған әҳмийетли реформалар дәўиринде районлық медицина тараўында да бир қанша унамлы өзгерислер жүз берди.
Атап айтқанда, соңғы 2 жыл ишинде районлық медицина бирлеспесиниң емлеў-профилактика мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы жаңаланып, 2023-жылы районлық көп тармақлы орайлық поликлиникасының 1 күнде 150 адам қатнаў қуўатлылығына ийе жаңа имараты ҳәм 2025-жылдың биринши шерегинде шаңарақлық поликлиниканың пайдаланыўға тапсырылыўы жоқарыда айтып өткен пикиримиздиң айқын дәлийли болып табылады.
Илажда ғалаба хабар қураллары хызметкерлери капитал оңлаў жумыслары жүргизилген районлық медицина бирлеспесиниң туўыўға жәрдемлесиў бөлими, усы жылдың биринши шерегинде пайдаланыўға тапсырылған шаңарақлық поликлиниканың ишки мүмкиншиликлери ҳәм оларда емлениўшилер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
-Поликлиникамызда аймақ халқына медициналық жақтан хызмет көрсетиў ушын барлық шараятлар жаратылған,-дейди поликлиника лаборанты Турсынай Айтжанова.-Атап айтқанда, заманагөй гематологиялық анализаторлар жәрдеминде қанның 21 түрдеги элементлери анықланады. Бундай заманагөй медициналық үскенелер халыққа тез ҳәм сапалы хызмет көрсетиўде әҳмийетли орын тутпақта.
– Бөлимимиз 2024-жылдың март айында капитал оңлаўдан шығарылып, пайдаланыўға тапсырылды,-дейди туўыўға жәрдемлесиў бөлиминиң акушер-гинеколог шыпакери Гүлшийра Утемуратова.-Бүгинги күни бөлимимизде хызметкерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған ҳәм олар заманагөй медициналық буйымлар ҳәм үскенелер менен тәмийинленген. Тараўға енгизилип атырған бундай жаңаланыў ҳәм өзгерислер халыққа медициналық хызмет көрсетиў сапасының артыўына хызмет етпекте.

Өткерилген пресс-тур даўамында журналистлер районлық медицина бирлеспесиниң жуўапкер хызметкерлерине бир қатар сораўлар берип, оларға тийисли жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы