“Биринши қоңыраў” қуўанышлары

Бүгин барлық билимлендириў мәкемелеринде жаңа 2025-2026-оқыў жылының басланыўына бағышланған дәстүрий 1-қоңыраў илажлары салтанатлы түрде өткерилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен аталыққа алынған Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң байрам илажында басқарма жуўапкерлери, мәҳәлле белсендилери, мектеп жәмәәти ҳәм ата-аналар қатнасты. Илаж даўамында, билимлендириў ҳәм тәрбияның турмысымызда тутқан орны атап өтилип, жас әўладқа жақсы тилеклер билдирилди.
Сондай-ақ, Бажыхана басқармасы хызметкерлери Нөкис қаласындағы 15-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, 1-классқа қәдем қойып атырған мектеп оқыўшыларын қутлықлап, оларға оқыў жылы табыслы басланыўын тиледи.

Жаңа оқыў жылы ҳәммеге табыс, изленислерде үлкен жетискенликлер алып келетуғынына исеним билдирилди. 1-қоңыраў болса барлық оқыўшы ҳәм устазлар ушын жаңа мақсетлер ҳәм жақсы арзыўлар жолында қәдем болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги