7-санлы мектепте жаңа оқыў жылы басланды

166

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, жаңа 2025-2026-оқыў жылы басланыўы мүнәсибети менен оқыўшылар, олардың ата-аналары ҳәм устазлар менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәм заманагөй шараятларға айрықша тоқтап өтти. Ол оқыўшыларды жаңа билимлерге умтылыў, жоқары шеклерди гөзлеў ҳәм Ўатанға садық, билимли әўлад болып жетилисиўге шақырды.

Илажда устаз ҳәм педагоглар менен де сөйлесиў өткерилип, олардың мәрт ҳәм билимли жасларды тәрбиялаўдағы пидәкерлик мийнетине миннетдаршылық билдирилди. Соның менен бирге, елимиздеги жаслар арасында жоқары нәтийжелерге ерисетуғын әўлад жетисип шығыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар атап өтилди.

Буннан кейин, биринши қоңыраў сести жаңлап, жаңа оқыў жылына старт берилди. Сондай-ақ, нәтийжели мийнет етип атырған бир қатар устаз-педагоглар Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери менен сыйлықланды.

Салтанатлы илаж даўамында 1-классқа қәдем қойған оқыўшыларға Президент саўғалары да тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги