ШБШ шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң тийкарғи бағдарлары көрсетип өтилди

175

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-сентябрь күни Тяньцзинь қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.

Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң басшылығында өткен илажға Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди, Иран Ислам Республикасы Президенти Масуд Пезешкиян, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, сондай-ақ, ШБШ бас хаткери Нурлан Ермекбаев ҳәм Регионаллық контртеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Уларбек Шаршеев қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, ШБШ шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм шөлкемниң жумысын жетилистириў перспективалары додаланды, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша ашық пикир алысылды.

Қытай Баслығы Си Цзиньпин мәмлекетимиз басшысына сөз берип, мәмлекетимиз жетекшиси ҳәм халқын Ғәрезсизлик күни менен қутлықлады және Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстан жоқары пәтлерде раўажланып, мәмлекетте турмыс жақсыланғаны ҳәм Қытай тәрепи буннан оғада қуўанышлы екенин айрықша атап өтти.

Президентимиз ушырасыў қатнасыўшыларын қутлықлап, Қытайдың ШБШға басшылығын жоқары баҳалады ҳәм Екинши жер жүзилик урыстағы уллы Жеңистиң 80 жыллығы менен қутлықлады, сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлер делегацияларының басшыларына Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен билдирген қызғын қутлықлаўлары ҳәм жақсы тилеклери ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз жетекшиси бул саммит глобаллық анықсызлық шараятында өтип атырғанын атап өтти.

Исенимниң системалы кризиси, келиспеўшиликлердиң кеңейип барыўы, көп тәреплеме институтлардың ҳәлсиреўи ҳәм жәҳән саўда системасының ыдыраўы халықаралық қәўипсизлик ҳәм турақлылық архитектурасының тийкарларына зыян жеткермекте.

– Бундай шараятта ШБШ мәмлекетлериниң өз-ара түсинисиўи ҳәм тилеклеслиги – бул тек ғана баҳалы байлық емес, ал бизиң шексиз регионымызда тынышлықты сақлаўдың гилти болып есапланады,-деди Өзбекстан жетекшиси.

ШБШ шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы төмендеги мәселелерге итибар қаратты.

Бәринен бурын, шөлкемниң нәтийжелилигин арттырыў, оның институтлары ҳәм қарарларын әмелге асырыў механизмлерин беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Шөлкемди трансформациялаў бойынша Самарқанд саммитинде басланған процесслер бул әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўге жәрдем беретуғынына исеним билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы ШБШны избе-из кеңейтиў, оның қарым-қатнас бойынша шериклери қурамына жаңа ағзаларды, соның ишинде, басқа да регион мәмлекетлерин қосыў зәрүр екенлигин атап өтти, бул шөлкемди Глобал Қубла мәмлекетлери менен бирге ислесиў платформасына айландырыўға жәрдем беретуғынын атап өтти.

Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў ШБШның тийкарғы бағдарларынан бири.

– Бүгинги күнде келисилген қатнасларға және исеним ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўдиң жаңа механизмлерине талап күшейип бармақта, – деди Өзбекстан Президенти.

Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысы Ядро қәўипсизлиги жолында көп тәреплеме шерикликти беккемлеў бойынша ШБШ декларациясын қабыл етиўге шақырды. Бул декларация тынышлық жолындағы атомды раўажландырыў ҳәм айрықша жағдайларға жуўап бериўдиң беккем тийкарына айланады, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигиндеги тарқатпаў глобаллық режимине мүнәсип үлес болады.

Трансшегаралық қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў мақсетинде Ишки ислер ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик министрлери кеңесиниң жумысын қайта тиклеў, Жынаятшылыққа қарсы гүресиўде бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди қайта көрип шығыў, Нәшебентликке ғәрезли болып қалыўға қарсы гүресиўдиң 2030-жылға шекем мөлшерленген бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.

Өзбекстан жетекшиси “ШБШ – Аўғанстан” сөйлесиў топарының жумысы қайта тиклениўин қоллап-қуўатлады. Конструктивлик сөйлесиўлерди раўажландырыў ҳәм Аўғанстандағы социаллық-экономикалық жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша усынысларды ислеп шығыў оның тийкарғы ўазыйпаларынан бири болыўы мүмкин.

Дүнья экономикасында бақланып атырған ҳәзирги тенденцияларды есапқа алып, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.

– Биз кең регионымызда экономикалық бирге ислесиўдиң турақлы модельлерин қәлиплестириў тәрепдарымыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Саўданы әпиўайыластырыў тәртип-қағыйдалары ҳаққындағы келисимге қол қойыў ҳәм регионаллық санаат ҳәм инфраструктура жойбарларын қаржылай қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели қуралларын тезирек енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Исенимли өндирис-логистика шынжырларын раўажландырыў ҳәм өз-ара инвестицияларды хошаметлеў мақсетинде ШБШ шеңберинде Стратегиялық материаллар бойынша регионаллық орай, Энергетика консорциумы, стартап ҳәм инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў және алға қойыў ушын Венчур компаниялары ҳәм қорлары тармағы, бизнес бойынша сөйлесиўлерди жолға қойыў ҳәм инвестицияларды алға қойыў ушын Арнаўлы электрон портал сыяқлы бир қатар жаңа көп тәреплеме структуралар ҳәм кооперацияны қоллап-қуўатлаў қуралларын енгизиў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы Арқа – Қубла ҳәм Шығыс – Батыс жөнелислери бойынша транспорт-транзит потенциалын толық иске қосыў, Орайлық Азия арқалы Персия қолтығы ҳәм Ҳинд океаны портларына шығатуғын қубла жөнелистеги коридорларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратты.

“ШБШ бирден-бир транспорт мәканы”н қәлиплестириў ҳәм оны “Бир мәкан, бир жол” стратегиялық басламасы менен байланыстырыў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди. Жаңа мультимодал тармақлар, санлы платформалар ҳәм “жасыл” коридорлар жаратыўды нәзерде тутатуғын концепцияны ислеп шығыў усыныс етилди.

ШБШның “жасыл” трансформация тараўындағы бирге ислесиўин кеңейтиў бағдарында климат өзгериўине бейимлесиў, ҳаўаға зәҳәрли газлердиң шығарылыўын азайтыў, экологиялық қәўип-қәтерлерди болжаў ушын жасалма интеллект технологияларын енгизиў мәселелери бойынша регионаллық платформаны иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Мәдений байланысларды және де тереңлестириў ҳәм халық дипломатиясы институтын күшейтиў ШБШ шеңбериндеги узақ мүддетли шерикликтиң әҳмийетли факторы болып есапланады, – деди Өзбекстан Президенти.

Халық дөретиўшилиги халықаралық фестивальларын өткериў, “ШБШ университети” шериклик тармағының онлайн кампусын жаратыў, инновациялық бағдарлар бойынша ҳәр жылы студентлер ҳәм жас қәнигелер арасында таңлаў ҳәм олимпиадалар шөлкемлестириў гуманитарлық алмасыўларды раўажландырыў және халықларымызды және де жақынластырыўға күшли түртки беретуғыны атап өтилди.

“Туристлик коридор” ҳәм ШБШ медициналық туризм альянсын иске қосыў сыяқлы перспективалы жойбарларды ислеп шығыў усыныс етилди.

Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровты Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылықты қабыл етип алғаны менен қутлықлады.

Қытай Баслығы Си Цзиньпин мәмлекетимиз басшысына алға қойылған әҳмийетли басламалар ушын миннетдаршылық билдирип, оларды биргеликте әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәжилис жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды. Атап айтқанда, Тяньцзинь декларациясы, ШБШны 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы ҳәм бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы тараўларында шерикликти буннан былай да беккемлеўге қаратылған әҳмийетли көп тәреплеме ҳүжжетлер топламы қабыл етилди.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “ШБШ плюс” форматының “Көп тәреплеме бирге ислесиўди турмысқа енгизиў, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм турақлы раўажланыўға жәрдемлесиў” темасындағы ушырасыўында қатнасты.

Илажға ШБШға ағза мәмлекетлер делегациялары ҳәм оның турақлы жумыс алып барыўшы уйымларының басшылары менен бир қатарда бақлаўшы ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң жетекшилери, ҳүрметли мийманлар, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш ҳәм басқа да халықаралық структуралардың басшылары да қатнасты.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ашық-айдынлық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў руўхына толық жуўап беретуғын “ШБШ плюс” форматы исенимли қарым-қатнас ушын барған сайын әҳмийетли майданға айланып атырғанын атап өтти.

Бул ретки саммит XX әсирдиң ең үлкен апатшылығы – Екинши жер жүзилик урыстың тамамланғанының 80 жыллығында өтип атырғаны символикалық мәниге ийе екени атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси қарама-қарсылықлар көбейип баратырғанынан қәўетерленип, келиспеўшиликлерге шек қойыў, исенимди тиклеў, тыныш-татыў жасаў ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларын ҳүрмет етиўге шақырды.

Усы мәниде, Қытай Баслығы Си Цзиньпин алға қойған Глобал басқарыў бойынша басламасын қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан Президенти Газа секторындағы жағдай және кескинлесип атырғаны ҳәм гуманитарлық жағдай төменлеп атырғанын атап өтип, Палестина-Израиль машқаласын “еки халық ушын еки мәмлекет” принципи тийкарында әдил шешиў ғана Жақын Шығыстағы келиспеўшиликти тоқтатыўы мүмкин екенлигин атап өтти.

ШБШ шеңбериндеги шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиў ушын үлкен потенциал бар екенлигин атап өтип, мәмлекетимиз басшысы көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Бәринен бурын, ШБШ мәмлекетлериниң турақлылығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў ушын биргеликтеги ҳәрекетлерди күшейтиў әҳмийетли екени, бул, әсиресе, климат өзгериўи, энергетика ҳәм азық-аўқат ресурсларының жетиспеўшилиги, миграция кризислери, киберҳүжимлер ҳәм басқа да жаңа қәўип-қәтерлер жүзеге келип атырған шараятта әҳмийетли екени атап өтилди.

Президентимиз Ташкент қаласында ШБШ Регионаллық контртеррор структурасы негизинде Қәўипсизликке қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша универсал орай және Душанбе қаласында Наркотиклерге қарсы гүресиў орайының иске қосылғанын қоллап-қуўатлады.

Қәўипсизлик мәселелери бойынша “ШБШ плюс” форматындағы биринши сөйлесиўди келеси жылы елимизде өткериў усыныс етилди.

– Аўғанстандағы жағдайды есапқа алмай ҳәм халықаралық жәмийетшиликтиң аўған ҳүкимети менен конструктивлик қарым-қатнасын жолға қоймай турып, регионымызда турақлылықты тәмийинлеў мүмкин емес,-деди Өзбекстан жетекшиси.

Усы мүнәсибет пенен бул мәмлекет пенен бирге ислесиў ҳәм оны ШБШ жойбарларына тартыў бойынша прагматикалық көзқарасларды ислеп шығыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы ШБШ шеңбериндеги саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди түп-тийкарынан кеңейтиўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында атап өтти.

Тосқынлықларды сапластырыў ҳәм стандартларды жақынластырыў, электрон саўда майданларын раўажландырыў, санаат кооперациясы ҳәм инновацияларды хошаметлеў ушын ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Бизнес қарым-қатнас ушын нәтийжели платформаны иске қосыў мақсетинде ҳәр жылы “ШБШ ИНВЕСТ” инвестициялық форумын өткериў ҳәм оның биринши мәжилисин келеси жылы Өзбекстанда шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Регионаллық транспорт интеграциясы ҳәм өз-ара байланыслылығы ҳаққында сөз етилип, регионды глобаллық коридорлар менен исенимли байланыстырыўды тәмийинлейтуғын нәтийжели транспорт жөнелислерин жаратыў Орайлық Азия ушын турмыслық әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

“Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолының қурылысы ҳәм келешекте Трансаўған коридоры менен байланысыўы ШБШ мәканында бирден-бир транспорт тармағын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Мәмлекетимиз жетекшиси илим, технологиялар ҳәм инновациялар тараўларында шерикликти жедел алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.

– ШБШ мәмлекетлери жасалма интеллект, үлкен мағлыўматлар базалары, робототехника, биоинженерлик, альтернатив энергетика сыяқлы алдынғы бағдарларда үлкен секириўди тәмийинлеўге уқыплы болған үлкен илимий-техникалық потенциалға ийе, – деди Президентимиз.

Жаңа идеяларды алға қойыў ҳәм алдынғы шешимлерди ислеп шығыў ушын ШБШның инновациялық-технологиялық хаблары тармағын жаратыў әмелий қәдем сыпатында усыныс етилди.

Мәдений-гуманитарлық тараўда бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан басшысы “ШБШ шаңарағы”ның мәдений ҳәр түрлилиги ҳәм қәдириятларын алға қойыўға жәрдемлесиўге қаратылған Уллы жипек жолы мәдений қарым-қатнасын шөлкемлестириў басламасын алға қойды. Қатнасыўшы мәмлекетлер делегацияларын Самарқандта болып өтетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясы илажларында белсене қатнасыўға мирәт етти.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында “ШБШ плюс” форматындағы бул саммиттиң пайдалы нәтийжелери турақлылықты буннан былай да беккемлеў, көп тәреплеме шерикликти кеңейтиў ҳәм барлық мәмлекетлердиң избе-из раўажланыўына хызмет ететуғынына исеним билдирди.

ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси ҳәм “ШБШ плюс” саммити шеңберинде Президент Шавкат Мирзиёев Россия Президенти Владимир Путин, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Әзербайжан Президенти Илҳам Әлиев, Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Ҳиндстан Бас министри Нарендра Моди, Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф, Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух, сондай-ақ, БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, ҒМДА Атқарыў комитетиниң бас хаткери Сергей Лебедев ҳәм басқа да делегациялардың басшылары менен сөйлесиўлер өткерди.

Тяньцзинь қаласындағы илажлар жуўмақланғаннан соң, мәмлекетимиз басшысы Пекин қаласына келди.

ӨзА