ЕА қорғаныўға инвестиция тартыў бойынша жол картасын усынады

Европа Комиссиясы жақын ҳәптелерде қорғаныў тараўына қосымша инвестиция киргизиў нәзерде тутылған жол картасы жойбарын таярлайды, деди ЕА президенти Урсула фон дер Ляйен Польшаға сапары ўақтында.
– Бар машқалаларды анықлап, 2030-жылға шекем мақсетли көрсеткиш ҳәм қадағалаў орны жәрдеминде шешиў жолларын таллаймыз,-деди ол баспасөз әнжуманында.
Фон дер Ляйенниң қосымша етиўинше, бул реже октябрь айының басында Дания басшылығында болып өтетуғын Европа Кеңесиниң рәсмий емес мәжилисинде додаланады.
Июнь айында Гаагадағы НАТО саммитинде аўқамласлар 2035-жылға барып ҳәр жылы тийкарғы қорғаныў зәрүрлиги ушын жалпы ишки өнимниң 5 процентин ажыратыўға келисип алған еди. АҚШ Президенти Дональд Трамп Арқа Атлантика альянсы саммитин “үлкен табыс” деп атады, себеби сонда Вашингтон шәртнамасының коллективлик қорғаныў ҳаққындағы 5-статьясына садықлық және бир мәрте бир аўыздан тастыйықланған.
Май айында ЕАға ағза мәмлекетлер арнаўлы кредит қуралын жаратыўға келисип алды. Сол арқалы қурал ислеп шығарыўды көбейтиў ушын 150 миллиард евро тартылыўы күтилмекте. Улыўма, Брюссель режесинде ЕА мәмлекетлери бюджетинен жәми 650 миллиард евроға шамалас қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.
Бизге белгили, усы жыл 19-март күни ЕК “Европаны қайта қурал-жарақ пенен тәмийинлеў” жаңа қорғаныў стратегиясын усынған еди. Кейин ала бир қатар ағза мәмлекетлердиң наразылығы себепли ҳүжжеттиң аты “басқыншылықтан жырақ” – “Таярлық-2030” деп өзгертилди. Усы стратегия тийкарында төрт жыл даўамында қурал-жараққа 800 миллиард евро жумсалыўы мүмкин.
С.Раҳимов, ӨзА