Жаңа Өзбекстан – жаңаланыў ҳәм раўажланыў жолында

190

Мүнәсибет

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, 1991-жыл 31-август күни елимиздиң турмысы ҳәм тәғдиринде түпкиликли бурылыс жасаған, шын мәнисиндеги уллы тарийхый ўақыя жүз берди. Неше жүз жыллар даўамында келешекке үлкен үмит ҳәм исеним менен қарап, бәрқулла сабыр-тақат пенен жасаған халқымыз уллы әрманына еристи – өзиниң мәмлекетлик ғәрезсизлигин қолға киргизди.

Ғәрезсизлик жылларында халқымыз өзиниң жоқары потенциалы, беккем ерк-ықрары ҳәм мәртлигин көрсетип, үлкен раўажланыў жолын басып өтти. Мәмлекетимизде барлық тараўлар раўажланды. Пуқаралардың турмыс дәрежеси жақсыланды. Өзбекстан дүнья жәмийетшилигиниң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында алыс-жақындағы барлық мәмлекетлер менен дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын кең көлемде алып барып атырған заманагөй, ашық ҳәм демократиялық мәмлекетке айланды. Мәмлекетимизде ғәрезсизлик жылларында алып барылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде миллий мәмлекетшилигимиздиң тийкары беккемленип, мәмлекетимиздиң суверенитети, шегараларымыздың қол қатылмаслығы тәмийинленди, жәмийетимизде тынышлық-татыўлық, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик орталығын күшейтиў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм әмелге асырыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылды.

Жеке меншик мүлкти қоллап-қуўатлаў, сырт ел инвесторлары ушын қолайлы орталық жаратыў, экспорт потенциалын арттырыў сыяқлы илажлар өз нәтийжесин бермекте. Жақын жылларда киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўға үлкен итибар қаратылды. Атап айтқанда, аграр тараўда жер реформалары, санаатта кластер системасын енгизиў ҳәм санлы экономиканы қәлиплестириў арқалы мәмлекеттиң экономикалық қүдирети артпақта. Туризм ҳәм логистика тараўлары да жаңа басқышқа шықпақта.

Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша соңғы жыллары 20 дан аслам қарар ҳәм пәрманлардың қабыл етилиўи бул мәмлекетимиз жетекшисиниң қарақалпақ халқына болған аталарша ғамхорлығы ҳәм итибары десек асыра айтқан болмаймыз.

Соңғы сегиз жылда “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идея тийкарында барлық тараўларда түпкиликли жаңаланыў ҳәм өзгерислер әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасында да кейинги жыллары барлық тараўларда нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Тек ғана ишимлик суўы тәмийнаты тараўындағы жойбарлардан Нөкис қаласындағы суў тазалаў имаратындағы жумысларды алып қарайтуғын болсақ, бул суў тазалаў имараты қалада жасайтуғын 270 мыңнан аслам халыққа таза ишимлик суўын жеткерип бериўши қурылма болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 22-январьдағы 98-санлы қарарына муўапық, қуўатлылығы ҳәзирги ўақытта суткасына 65 мың куб метр болып, оны суткасына 95 мың куб метрге шекем арттырыў бойынша қурылыс жумыслары даўам етпекте. Жойбар толық иске түскеннен кейин Нөкис қаласының дерлик 270 мың халқы таза ишимлик суўынан пайдаланады. Нөкис суў тазалаў имаратын реконструкциялаў жойбары бул әпиўайы қурылыс емес, ҳәммеси инсан қәдири, инсан тәғдирине байланыслы. Себеби, ҳәр бир метр таза суў – бул келешек, ҳәр бир тамшы болса – бул өмир. Әне усындай жойбарлардан және бири Маңғыт суў тазалаў имараты. Ҳәзирги ўақытта бул обектте қурылыс жумыслары жеделлик пенен алып барылмақта. Ҳәр бир шаңараққа жеткерилетуғын таза суў перзентлердиң саламатлығына, елдиң келешегине, инсанлардың өмири ҳәм миллет генофондына байланыслы.

Буның негизинде болса ҳәммеси инсан қәдири ушын екени, әсиресе, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге қаратылған ийгиликли жойбарлардың әмелге асыўы. Тез арада Нөкисте ҳәм Маңғытта суў тазалаў имаратларының иске түсирилиўи режелестирилген. Байрам алдында алып барылып атырған бундай ийгиликли жумыслардың барлығы ғәрезсизлигимиз бенен тығыз байланыслы. Жаңа Өзбекстандағы реформалар халықтың абаданлығы, инсан қәдири ҳәм турақлы раўажланыў принциплерине сүйенген ҳалда және де тереңлеспекте. Қысқаша айтқанда, ғәрезсизлигимиздиң отыз төрт жыллық дәўиринде басып өткен раўажланыў жолымыздың жуўмағы, жанажан Ўатанымызда инсан қәдири, абырайы-мәртебесиниң қаншелли үстин қойылғанынан, елимизде тынышлық ҳәм турақлылыққа ерисилгенинен, мәмлекетимиз шегараларының қол қатылмаслығы тәмийинленгенинен және миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликтиң беккемленгенинен дәрек беретуғынын умытпаўымыз керек.

Гулжан Халмуратова,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги