Ең уллы ҳәм ең әзиз байрам көтериңки руўхта өткерилди

Республикамыздың ең арқа шығыс аймағында жайласқан Тахтакөпир районында соңғы жыллары халық хожалығының барлық тараўларында көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.
Аймақта жаңа исбилерменлик суъбектлери менен бирге ири өндирис кәрханалары иске түсип, аўыл-аймақларда зәўлим турақ жайлар, барлық қолайлықларға ийе социаллық объектлер бой тиклемекте. Көше-қыябанлар заманагөй түрге енип, Белтаў аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан Қаратерең туризм комплекси халқымыздың ҳәз етип дем алатуғын сүйикли орынларының бирине айланды, десек алжаспаған боламыз.
Усындай мийнетте мол табысларды қолға киргизип киятырған тахтакөпиршилер де Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамын «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» сүрени астында көтериңки руўхта белгилеп өтти.
Заманагөй типтеги Дәўқара спорт комплексинде өткерилген байрам илажына район басшылары, депутатлар, белсенди нураныйлар, жаслар ҳәм басқа кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда район ҳәкими Ж. Адилов район халқын Ғәрезсизлик байрамы менен қызғын қутлықлап, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, Тахтакөпир районында әмелге асырылған реформалар, ерисилген жетискенликлер ҳәм жаңаланыўларға айрықша тоқтап өтти.
Байрам илажы даўамында республикамызға белгили көркем өнер шеберлери, районлық Мәденият бөлими хызметкерлери, Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлардың нәзерине усынылды. Концерттен ана-Ўатан, туўылған жер ҳәм Ғәрезсизликти жырлаўшы нама-қосықлар, ойын-заўық ҳәм сахналық көринислер орын алды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.