Ғәрезсизлик байрамы шымбайлыларды қуўанышқа бөледи

Бүгин мәмлекетимизде азатлық ҳәм еркинлик нәпеси есип, елимиздиң барлық аймақларында «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» сүрени тийкарында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы кең түрде белгиленбекте.
Бүгинги күни 115 мыңнан аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширип атырған Шымбай районында да Ғәрезсизлик күни байрамы салтанатлы түрде белгиленип өтилди.
Көркем ҳәм заманагөй көринистеги ашық театрда өткерилген байрам илажына район басшылары, депутатлар, белсенди нураныйлар, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда район ҳәкими А.Тажетдинов шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған көлемли реформалар, әсиресе, Шымбай районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға кең түрде тоқтап өтти.
Әсиресе, Шымбай районы аймағын комплексли раўажландырыў, жоқары экономикалық өсимге ерисиў, бизнес орталығын жаратыў, халықтың бǝнтлигин тǝмийинлеў ҳǝм дəраматларын арттырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2025-жылдың 1-апрель күни қабыл етилген “Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыў ушын таңлап алынған район (қала)ларда әмелий илажларды әмелге асырыў ҳаққында”ғы арнаўлы қарары тийкарында исленип атырған жумысларды мақтаныш пенен атап өтти.
Буннан соң районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған саз-сәўбетли концерт бағдарламасына нәўбет берилип, онда республикамызға белгили қосықшылар ҳәм жас талант ийелери тәрепинен ана-Ўатан, туўылған жер ҳәм Ғәрезсизликти жырлаўшы қосықлар илаж қатнасыўшыларының кеўиллерине көтериңки кейпият бағышлады.

-Өткерилип атырған бул байрам халық хожалығының барлық тараў ўәкиллери сыяқлы, билимлендириў системасы хызметкерлерине өзгеше заўық бағышлады,-дейди Шымбай районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң баслығы Мәмбетсайд Жақсымов.-Ҳақыйқатында да соңғы жыллары елимиздиң басқа аймақларында болғаны сыяқлы, Шымбай районында да көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берди. Әсиресе, билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып, мектеплер ҳәм балалар бақшалары заманагөй түрге енди. Атап айтқанда, быйылғы жылдың өзинде мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында, еки мектеп ҳәм еки балалар бақшалары жаңадан қурылып, бир бақшаға капитал реконструкция жумыслары жүргизилмекте. Пурсаттан пайдаланып, республикамыздың барлық халқын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы ҳәм 2-сентябрь-Билимлер күни менен шын кеўилден қутлықлайман. Илайым аспанымыз ашық, елимиз тыныш ҳәм абадан болып, Ўатанымыз Ғәрезсизлиги мәңгиге болғай!
Байрам салтанаты соңында аспанға салютлер атылып, бул қатнасыўшылар кеўилине өзгеше заўық бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.