Байрамға мүнәсип саўға болды

188

Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен соңғы өткен дәўирде барлық тараўлар қатары энергетика тараўында да алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде шетки аймақларда жасап атырған халықтың узақ жыллар даўамында қыйнап келген машқалалар басқышпа-басқыш өз шешимин таппақта.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы алдынан пайдаланыўға тапсырылған Тақыятас районлық электр тәмийнатының жаңа имараты да ғәрезсизлигимиз ҳәм тараўда ерисилип атырған жетискенликлеримиздиң нәтийжеси болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 23-ноябрьдеги арнаўлы қарарына тийкарланып қурылған объекттиң сметалық баҳасы 3,7 млрд. сум болып, оның қурылысында соңғы түрдеги заманагөй қурылыс материаллары, атап айтқанда, энергия үнемлеўши технологиялардан кеңнен пайдаланылды.

Жаңа имараттың ашылыўына бағышланған илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимизде электр энергетикасы тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған Президентимиздиң итибары оғада үлкен екенлигин атап өтти. Тақыятас РЭТ баслығына «Оникс» автомашинасының гилти тапсырылды. Жаңа имаратта жаратылған шараятлар аймақ халқына көрсетилип атырған хызмет сапасын және де жақсылаў мүмкиншилигин береди.

Жаңа комплексте жаратылған шараятлар, бар техникалық ҳәм технологиялық үскенелердиң имканияты, сондай-ақ, инженерлик-техникалық ҳәм жумысшы-хызметкерлер, кәрхана қәнигелерин оқытыў, оператив-диспетчерлик хызмети тәрепинен әмелге асырылатуғын энергия тәмийнатының автоматластырылған басқарыў системасы, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сыяқлы ханалар жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги