Өзбекстан айдын келешекке қарай исенимли қәдем тасламақта

Қанлыкөл районында да «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын” деген бас идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсият илажлары бағдарламасы шеңберинде, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығына бағышланып байрам кешеси өткерилди.
Байрам салтанатын район ҳәкими Б.Султанов кирис ашып берди ҳәм район халқын ғәрезсизлик байрамы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында барлық аймақлар қатарында Қанлыкөл районында да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Байрам қатнасыўшылары байрамға өзгеше таярлықлар менен келди. Мине, быйыл да халқымыз жанажан Өзбекстанымыз ушын өз алдына уллы мақсет ҳәм ўазыйпаларды қойды. Әлбетте, 34 жыл бир жигиттиң камалға келип, әйне күшке толған, жаслық жигер менен келешекке исенимли қәдем таслаған мәртлерине теңлестириледи. Сол сыяқлы Өзбекстан да дүнья жәмийетшилигинде өз орнына ийе қүдиретли мәмлекет сыпатында айдын келешекке қарай исенимли қәдем тасламақта.
Байрам илажында тараўда жемисли мийнетлери ушын бир қатар белсендилер район ҳәкимлиги тәрепинен сыйлықланды.
Ҳәзирги күнде Қанлыкөл районында 54 мыңнан аслам түрли миллет ўәкиллери тыныш ҳәм татыў жасап мийнет ислеп келмекте. Байрам илажында Өзбекстан көп миллетли мәмлекет екенин сәўлелендириўши шығыўлар байрамға өзгеше заўық бағышлады. Бағдарламадан орын алған көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийелериниң атқарыўындағы Ўатан, дослық, тынышлық ҳәм татыўлық, жаслық ҳақкындағы қосықлар ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.

Салтанатлы байрам илажы халық сейили, концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги