Ҳуқықый эксперимент нәтийжелерин баҳалаў тәртиби белгиленеди

148

Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен “Ҳуқықый эксперимент ҳаққында”ғы нызам мәпдар шөлкемлер, экспертлер, илимпаз ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында додаланды.

Нызамды додалаў процесинде атап өтилгениндей, кейинги жыллары жаңа тәртип-қағыйдаларды турмысқа енгизиўден алдын оларды шекленген ҳалда (белгили бир аймақта ямаса шахслар, шөлкемлер шеңберинде) ҳуқықый эксперимент (тәжирийбе-сынақ) тәризинде қолланыў әмелияты кеңейип бармақта.

“Ҳуқықый эксперимент” түсиниги, оны өткериў ҳәм нәтийжелерин рәсмийлестириў “Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында”ғы нызамның 34-статьясында белгиленген. Нызам менен ҳуқықый эксперимент нәтийжелери бойынша қәрежетлер ҳәм дәраматлар анализи, сондай-ақ, социаллық-экономикалық нәтийжелер прогноз етилетуғыны атап өтилген.

Ҳуқықый эксперимент институты нызамда атап өтилген болса да, оны өткериў менен байланыслы социаллық-ҳуқықый қатнасықлар комплексли түрде тәртипке салынбағанын атап өтиў керек.

Соның ишинде, эксперимент өткериў шәртлери ҳәм даўамлылық мүддети, ҳуқықый эксперимент енгизиў мүмкин болмаған тараўлар, ҳуқықый эксперименттиң жоқары турыўшы нызамларға муўапық болмаған жағдайда тәртипке салыныўы, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине берилген жеңилликлер және ҳәкимшилик ҳүжжетлердиң эксперимент тамамланғаннан кейин әмел етиўи ямаса әмел етпеўи ямаса жуўапкершилик мәселелери тәртипке салынбаған.

Бүгинги күнге шекем мәмлекетлик басқарыў, сайлаў, салық, денсаўлықты сақлаў, юридикалық хызметлер, турақ жай ҳәм коммуналлық, инвестиция, жеке меншик мүлкти қорғаў, жанылғы-майлаў сыяқлы тараўлар менен тармақларда 60 тан аслам эксперимент өткерилген болса, ҳәзирги ўақытта олардың ҳәммеси де әҳмийетли емес.

Эксперимент тәртибинде қабыл етилген ҳүжжетлердиң ҳәммесинде олардың нәтийжелилигин баҳалаў нормальары, көрсеткишлери ҳәм прогнозлары, 23 инде болса ҳуқықый экспериментти жуўмақлаў мүддетлери жоқ.

Нызам жоқарыда атап өтилген машқалаларды сапластырыўға қаратылған болып, тийисли илажларды белгилеўге бағдарланған.

Нызам менен эксперимент өткериў мүддетлери, эксперимент өткериў мүмкин болмаған тараўлар, эксперимент өткерилетуғын аймақты белгилеў шәртлери, ҳуқықый эксперимент өткериў түрлери ҳәм усыллары, сондай-ақ, ҳуқықый эксперимент нәтийжелерин баҳалаў тәртиби ҳәм нәтийжелерди рәсмийлестириў бойынша талаплар белгиленбекте.

Н.Абдураимова, ӨзА