Ғәрезсизлигимиздиң отыз төрт жыллық байрамы кең түрде белгиленди

262

Нөкис районында елимиз ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығына бағышланған «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» сүрени астында байрам салтанаты болып өтти.

Салтанатлы илажда район ҳәкими З.Зайтов шығып сөйлеп, гүллән халқымызды ең уллы, ең муқаддес әййям – елимиз ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң  басшылығында барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстанда да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Соңғы бир неше айдың өзинде тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўға беккем тийкар белгилеп берилди.

Соның менен бирге  Нөкис районында да  киши бизнес ҳәм исбилерменлик, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында бир қатар инвестициялық жойбарлар әмелге асырылды. Буның нәтийжесинде халқымыз ушын жаӊа жумыс орынлары жаратылып, бир қатар ири өндирис кәрханалары иске түсирилди.

Салтанатлы байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Бағдарламадан орын алған көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийелериниң  атқарыўындағы Ўатан, дослық, тынышлық ҳәм татыўлық, жаслық ҳақкындағы қосықлар ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги