Байрам мүнәсибети менен «Ўатан жалғыз, ол муқаддес» атамасындағы көргизбеси ашылды

260

«Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!»

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳəм мəденияты мəмлекетлик музейинде Өзбекстан  Миллий мəлимлеме агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша фотохабаршысы, Өзбекстан көркем-өнер  дөретиўшилер аўқамы ағзасы, белгили фотохудожник  Мақсет Ҳабибуллаевтың Өзбекстан Республикасы Ғəрезсизлигиниң 34 жыллығына бағышланған «Ўатан жалғыз, ол муқаддес!» атамасындағы фото көргизбесиниң ашылыў мəресими  болып өтти.

Онда автордың ғəрезсизлик жылларында Қарақалпақстан Республикасында болған жаңаланыўлар, қала ҳəм аўылларымыздың жаңаланыўы, жəмийетимизде ҳәм халық хожалығының бир қатар тараўларында әмелге асырылған экономикалық реформалар ҳәм жетискенликлерди сəўлелендириўши фотокорреспенденцияның   фоторепортаж, фотохабар, фотоочерк, фотоэтюд сыяқлы бир қатар жанрларында алынған жәми 40 тан  аслам мийнети орын алған.

Бул көргизбени шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсет Президентимиздиң усы жыл 10-июльдеги “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сәне мүнәсибети менен мәдений байрам кешелерин өткериў, әсиресе кең жәмийетшиликти, соның ишинде жасларды пидайы дөретиўши инсанлардың Ўатанға мухаббат сезимлерин жырлаўшы шығармалары менен жақыннан таныстырыўдан ибарат.

Илажды Өзбекстан художниклер дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы Наўрыз Айтмуратов ашып берди. Илажда фотохабаршының бир қатар кәсиплеслери, туўысқанлары, шәкиртлери ҳəм тағыда басқалар шығып сөйлеп, дөретиўшиниң журналистика ҳәм көркем өнер тараўларындағы хызметлерине кең түрде тоқталып өтти.

Атап айтқанда М. Ҳабибуллаевтың фотохабаршы сыпатында  Қарақалпақстан Республикасы турмысынан таярланған фотоматериаллары Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң «www.uza.uz» сайтында, «Янги Ўзбекистон», «Халқ сўзи», «Ишонч», «Кишлоқ ҳаёти», сондай-ақ жергиликли «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакистана», «Қорақалпоғистон тонги», «Қарақалпақстан жаслары» сыяқлы республикалык басылымларда турақлы жәрияланып келинди.

Сондай-ақ оның фотохудожник сыпатында  бир қанша дөретиўшилик жумыслары Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген көргизбелерде қойылған. Мәселен, 2020-жылы “Мойнақ кеше ҳәм бүгин,” “Алтын гүз,” “Гүмис қыс” сыяқлы онлайн фотокөргизбелери ҳәм 2023-жыл 15-октябрьде “Халықаралық аўыл ҳаяллары” күнине бағышланған “Қәдири бәлент, аўыл ҳаялы” атамасындағы жеке фотокөргизбелердиң авторы. Буннан тысқары фотохудожниктиң Өзбекстан Көркем өнер академиясына қараслы Ташкент Фотосүўретлер үйинде 2024-жыл август айында өткерилген “Мойнақ: кеше, бүгин, ертең” ҳәм 8-декабрь Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Конституциясының 32 жыллығына бағышланған фотокөргизбеде бир қанша сүўретлери орын алған.

Автордың 2025 -жыл 5-март куни шөлкемлестирилген 8-март “Халықаралық ҳаял-қызлар күни”не бағышланған “Өмирдиң гүлтажы, муқаддес ҳаял!” атамасындағы фото көргизбесиде кең жәмийетшиликке усынылды.

Оның дөретиўшилик мийнетлери Ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып,  “Ўатан пидайысы” ҳəм “Халықлар дослығы”  көкирек  белгилери менен сыйлықланды. Сондай-ақ ол   “Алтын қəлем” XVII Миллий сыйлығы ушын өткерилген халықаралық таңлаўдың “Ең жақсы фоторепортаж” номинациясының жеңимпазы.

-Республикамыздың баспасөз тараўында  көплеген фото журналистлер  хызмет етти. Олардың ҳәр бириниң өзине тән стили, дөретиўшилик жолы бар. Солардың қатарында Мақсет Ҳабибуллаев та өзине тән дөретиўшилик жолына ийе. Оның ракурсында республикамыздың барлық тараўларында болып атырған жаңаланыўлар, дәўир қаҳарманлары, тараў пидайылары орын алмақта. Бүгинги көргизбеде оның елимиз ғәрезсизлигинде тараўларда ерисилип атырған табыслары орын алған. Бул дөретиўшилик мийнетлер ҳәр бир инсанда Ўатанға деген сүйиспеншикти және де арттырары сөзсиз,-дейди Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Шүкирбай Сийпатдинов.

Фотокөргизбеден орын алған сүўретлер көргизбе қатнасыўшыларында жақсы тәсирлер қалдырмақта.  Солардың қатарында сырт елден келген мийманлардың бирин сәўбетке тарттық.

-Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлиги байрамы қарсаңында елиңизде туристлик сапарда болып турмыз. Байрам алдынан бул үлкеде үлкен дөретиўшилик  өзгерислер болмақта. Әсиресе, музейде болып, қарақалпақ халқының тарийхы, мәденияты менен танысыў пайытында әжайып бир фотокөргизбениң гүўасы болып атырман. Фотохудожниктиң өз ели, ўатанына деген сүйиспеншилик сезимлери  фотокөргизбеде кең орын алған. Булар арқалы елиңиздеги абадан турмысты, халықтың бахытлы  күнлерин аңғарыўға болады,-дейди германиялы  турист Силеи Али.

Кеше соңында Нөкис қалалық 2-санлы мәденият үйиниң талантлы сазенделери тәрепинен атқарылған йошлы қосық ҳам миллий намалар көтереңки заўық бағышлады.

Байрам мүнәсибети менен шөлкемлестирилген фотокөргизбе ҳәр бир қатнасыўшыда Ўатанға деген сүйиспеншиликти арттырары сөзсиз.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги