Он еки баланың сүннет тойлары өткерилди

153

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, машқалаларды өз ўақтында сапластырыў, жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде, Бозатаў районына  Ферғана ўәлаяты бириктирилип, бул бағдарда район аймағында биргеликте көплеген жумыслар әмелге асырылды.

Ўатанымыздың ең уллы ҳәм ең әзиз байрамы алдынан да бундай ийгиликли ислер даўам етип Ферғана ўәлаяты ҳәм Бозатаў районы ҳәкимлиги менен биргеликте жәми 12 баланың сүннет тойлары өткерилди.

Илажға Өзбекстан Республикасы Президент Администрациясы ўәкили А.Жанузаков, район ҳәкими Б.Уббиниязов, район прокуроры Н.Сапаров, районлық Ишки ислер бөлими баслығы У.Курбанбаева, «Ферғана-Бозатаў» исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў дирекциясы директоры А.Саидов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда район ҳәкими Б.Уббиниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп келешегимиз ийелери болған балаларды ҳәм олардың ата-аналарын бүгинги қуўанышлы күн ҳәм Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң балаларға байрам саўғалары тапсырылып, олар кишкенелерди шексиз қуўанышқа бөледи.

Байрам илажы даўамында елимизге белгили мәденият тараўы ўәкиллери өзлериниң ең әжайып қосықларын халқымыз нәзерине усынды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы