Байрамда бозатаўлы 10 шаңарақ қуўанышқа бөленди

149

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы 52-санлы қарары тийкарында, Бозатаў районында жәрдемге мүтәж шаңарақларға тийисли турақ жайлардың төбесин шиферлап бериў, жарамсызларын қайтадан қурыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди.

Бул жумысларды әмелге асырыў бойынша Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен аўыр шараятта жасаўшы 10 шаңарақтың көп жыллық машқалаларына унамлы шешим табылып, оларға жаңадан турақ жайлар қурып берилди.

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы алдында, усы турақ жайларды өз ийелерине тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажға район ҳәкими Б.Уббиниязов, район прокуроры Н.Сапаров, районлық Ишки ислер бөлими баслығы У.Курбанбаева, «Ферғана-Бозатаў» исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў дирекциясы директоры А.Саидов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда район ҳәкими Б.Уббиниязов илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы  менен қызғын қутлықлап, турақ жай ийелерине үйлердиң гилтлери салтанатлы түрде тапсырылды.

Өз гезегинде жаңа турақ жай ийелери де өзлерине көрсетип атырған ғамқорлығы ушын мәмлекетимиз Президентине, республикамыз  басшыларына, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигине терең миннетдаршылық билдирип, алдағы ўақытлары өзлерине билдирилген исенимди толық ақлап, елимиздиң раўажланыўына өзлериниң үлеслерин қосатуғынлығын айтып өтти.

Соңынан илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жайларда жаратылған қолайлықларды көзден өткерип, оларға унамлы баҳалар берди.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы