Балаларға байрам саўғалары тапсырылды

145

Ҳәзирги күнлери пүткил елимиз бойлап “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” сүрени тийкарында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигинин 34 жыллық байрамы көтериңки руўхта белгиленип, бул байрам халқымызды шексиз қуўанышларға бөлемекте.

Усындай салтанатлы байрам илажы Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайында да өткерилип, оған мийнет жәмәәти ағзалары қатнасты.

Илажда орай бас шыпакери Дж. Мадреймова, кәсиплик аўқам комитети баслығы Г. Хабиповалар шығып сөйлеп илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигинин 34 жыллығы ҳәм 2-сентябрь- Билимлер күни байрамы  менен қызғын қутлықлап, сәне мүнәсибети  орайда ислеўши хызметкерлер балаларынын 1-классқа оқыўға барыўы ушын жаңа оқыў қураллары саўға етилди.


Өз гезегинде саўға ийелери атынан бир қатар хызметкерлер шығып      сөйлеп, илаж шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылықларын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы